Нөкистеги «Жумысқа мәрҳамат!» моно орайында «Қәбилетли қызлар» ҳәптелигине старт берилди.

Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаның бесинши басламасы шеңберинде Самарқанд ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы тәрепинен өткерилип атырған илажда 20 дан аслам қызлар аспазлық, шаштәрезлик, тигиўшилик бойынша билимлерин сынақтан өткермекте.

Бүгин ҳәптеликтиң аспазлық таңлаўында филиал қызлары халқымыздың миллий тағамы – жүўери гүртик писирип беллести.

– Алдын жүўери гүртик писирип көрмегенмен, -дейди филиалдың 1-курс студенти Гүлназ Арзыўбаева. –Бирақ, анам усы тағамды писиргенде қызығыўшылық пенен бақлап туратуғын едим. Бүгин усы билимлеримди сынап көрдим. Орайда бизлер ушын барлық шараятлар жаратып берилди. Төрешилер қурамы да усы орайдың шебер аспазлары болып, жүўери гүртик бүгиў, писириў процесин бақлап, тағамлардың дәмин татып көрди. Бизлердиң бул миллий тағамларды писириўимиз олардың кеўлинен шықты, деп ойлайман.

Ҳәптелик 11-ноябрьге шекем даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.