Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 22-майдағы 304-санлы ҳәм 2020-жыл 6-ноябрьдеги 696-санлы қарарларына муўапық, Бирден-бир электрон система – phd.mininnovation.uz арқалы жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў институтларының барлық формаларына талабанлар тәрепинен ҳүжжетлер тапсырылмақта.
Ҳүжжетлерди 15-сентябрьден 15-октябрьге шекем қабыллаў белгиленген еди.
Талабанларға ҳүжжет тапсырыўда қолайлықлар жаратыў мақсетинде 2023-жыл ушын жоқары билимлендириў мәкемелеринде жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў институтларына Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан оқытыў ушын қабыллаў квоталары 50 процентке көбейгенлиги, квоталар тастыйықланыўы кешиккенлиги ҳәм илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланыўшы талабанлар тәрепинен келип түсип атырған усынысларды есапқа алып, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў институтларына ҳүжжетлерди тапсырыў мүддети усы жылдың 22-октябрине шекем узайтылғанлығы мәлим етилди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Ҳүкиметтиң 2017-жыл 22-майдағы 304-санлы ҳәм 2020-жыл 6-ноябрьдеги 696-санлы қарарларына муўапық, Бирден-бир электрон система – phd.mininnovation.uz арқалы талабанлар тәрепинен жиберилген ҳүжжетлер ҳүжжет тапсырылған шөлкем тәрепинен көрип шығылады, қабыл етиледи ямаса бийкарланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.