Қытай барлық мәмлекетлердиң суверенитетин ҳәм аймақлық пүтинлигин қорғаў және Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Режесиниң мақсет ҳәм принциплерине әмел етилиўиниң тәрепдары. Бул ҳаққында «Синьхуа» агентлиги Қытай сыртқы ислер министри Ван Иге сүйенип хабар берди.
«Қытай тынышлық тәрепдары, биз оқ атыўды тоқтатыў ҳәм Украина кризисин тыныш жол менен имканы болғанынша тезирек шешиўге үмит етпектемиз. Ҳәзирги шараятта БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң турақлы ағзасы сыпатында жуўапкершиликти сезиниўимиз керек», делинеди хабарда.
Ван И, сондай-ақ, Қытай Франция Президенти Эммануэль Макронның «жаңа суўық урыс» қарсылығын және бир мәрте ашық айтқаны, лагерьлер ҳәм топарлар арасында қарама-қарсылыққа, дүньяның бөлиниўине қарсы шыққанын қәдирлейтуғынын айтты», деп қосымша етилген «Синьхуа» мәлимлемесинде.
Қарақалпақстан хабар агентлиги