«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамға муўапық, 2023-жылдың 1-январынан баслап пенсияны есаплаў ушын мийнет ҳақының максимал муғдары пенсияны есаплаў базалық муғдарының 10 есесинен 12 есесине арттырылады.
Олий Мажлис Сенатында мақулланған усы нызамға муўапық, пенсияны есаплаў ушын есапқа алынатуғын орташа айлық мийнет ҳақы пенсияны есаплаў базалық муғдарының 12 есесинен артық болмаған, яғный 3 миллион 888 мың сум муғдарындағы орташа айлық мийнет ҳақыдан есапқа алынады.
Нәтийжеде 352 мың пуқараның пенсия муғдары қайта есапланып, орташа айлық пенсия муғдары 400 мың сумға шекем көбейеди. Соннан 304 мың адам жасқа байланыслы пенсия алыўшылар, 25,2 мыңы майыплығы болған адамлар ҳәм 23 мыңы бағыўшысынан айрылған адамлар болып табылады.
Буның ушын Пенсия қорынан қосымша рәўиште 1,5 триллион сумнан аслам қаржы ажыратыў талап етиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.