Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Усы жылдың 22-август күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық форматтағы сөйлесиўи шеңберинде белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң жумысына тийкарсыз араласыўлардың алдын алыў, қадағалаўшы уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў ҳәм жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 15-сентябрьдеги ПП-6314-санлы Пәрманына муўапық Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил (кейинги орынларда – Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил) тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң жумысын тексериў процесслерин муўапықластырыў ҳәм олардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, мәмлекетлик қадағалаў функциялары, мәжбүрий талаплар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң жумысын тексериў ҳуқықына ийе лаўазымлы шахслардың электрон реестрлерин жүргизиў имканиятын беретуғын «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасы иске түсирилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Қадағалаўшы уйымлар тәрепинен 2022-жыл 1-ноябрьден баслап:
исбилерменлик субъектлериниң жумысында өткерилетуғын барлық тексериўлер «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасында дизимге алынатуғыны, онда исбилерменлик субъектлериниң жумысында бул системада дизимге алынбаған тексериўлерди өткериў нызамсыз есапланатуғыны;
исбилерменлик субъектлериниң жумысында өткерилген тексериўлердиң нәтийжелери және профилактикалық илажлар ҳаққында мағлыўмат тексериў ямаса профилактикалық илажлар жуўмақланған күннен баслап үш күн мүддетте «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасына киргизилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) қадағалаўшы уйымлар:
«қәўипти таллаў» системасының нәтийжелерине тийкарланған тексериўлердиң басланыўы ҳаққында кеминде 10 жумыс күнинен бурын исбилерменлик субъектин хабардар етеди;
исбилерменлик субъектиниң алдын тексерилген жумыс дәўириндеги предмети ҳәм объекти бойынша қайта тексериў өткериўге ҳәм исбилерменлик субъекти тәрепинен алдын берилген ҳүжжетлерди талап етиўге ҳақылы емес;
исбилерменлик субъектлери ушын профилактикалық илажларды Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил менен келисилген реже-графиклер тийкарында исбилерменлик субъектлериниң финанс-хожалық жумысына араласпаған ҳалда семинарлар, ғалаба додалаўлар, ғалаба хабар қуралларында шығыў, «ашық есиклер күни» илажларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, тарқатпа материаллар ҳәм қолланбалар менен тәмийинлеў, усыныс ҳәм хабарлар жибериў тәризинде әмелге асырады;
б) исбилерменлик субъектлерин қадағалаўшы уйымлардың лаўазымлы тәреплерин төмендеги жағдайларда тексериў өткериў ушын өзиниң аймағына қоймаў ҳуқықына ийе:
тексериў өткериў ҳаққында буйрық орнатылған тәртипте рәсмийлестирилмегенде;
тексериў белгиленген тәртипте Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил менен келисилмеген ямаса хабардар етилмегенде;
исбилерменлик субъектлериниң жумысын тексериў ҳуқықын беретуғын арнаўлы гүўалық болмағанда;
олар Тексериўлерди дизимге алыў китабына мағлыўматларды киргизиўден бас тартқанда;
в) 2023-жыл 1-январьдан баслап қадағалаўшы уйымларға «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасындағы мәмлекетлик қадағалаў функциялары реестрине киргизилмеген функциялар бойынша исбилерменлик субъектлериниң жумысында тексериўлер өткериў қадаған етиледи.
- Әдиллик министрлиги Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил, Саўда-санаат палатасы ҳәм қадағалаўшы уйымлар менен биргеликте 2022-жыл 1-ноябрьге шекем мәмлекетлик қадағалаў функциялары ҳәм тексериўлерди қысқартыў бойынша усынысларды Стратегиялық реформалар агентлигиниң кеңесине киргизсин.
- Қадағалаўшы уйымлар Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкилге:
бир ай мүддетте тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерге қосымша еткен ҳалда мәжбүрий талаплардың дизимин;
мәжбүрий талаплар өзгерген жағдайда, өзгерислер киргизилген сәнеден баслап бир ҳәпте мүддетте жаңаланған мәжбүрий талаплар дизимин усыныс етсин.
- Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 15-сентябрьдеги ПП-6314-санлы Пәрманы талапларына муўапық, «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасындағы мәмлекетлик қадағалаў функциялары, мәжбүрий талаплар, исбилерменлик субъектлериниң жумысын тексериў ҳуқықына ийе лаўазымлы тәреплердиң электрон реестрлери зәрүр дәрежеде (актуал) ҳәм ҳәмме ушын ашық-айдын жағдайда жүргизилиўин тәмийинлесин.
- Қадағалаўшы уйымлар тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң жумысын тексериўлер ҳәм профилактикалық илажларды өткериў тәртиби ҳаққындағы реже қосымшаға муўапық тастыйқлансын.
- Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Тексериўлерди дизимге алыў китабын толтырыў тәртибин, сондай-ақ, қадағалаўшы уйымлардың «қәўипти таллаў» системаларына қойылатуғын минимал талапларды тастыйықласын.
- Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил Д.С.Қосимов ҳәм қадағалаўшы уйымлардың басшылары белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ,
Ташкент қаласы,
2022-жыл 13-сентябрь