– Биз бәрқулла «Шанхай руўхы» ҳәм ШБШ Хартиясының тийкарғы мақсетлерине блокларға қосылмаў, ҳеш қандай үшинши тәрепке қарсы ҳәрекет етпеў сыяқлы тийкарғы принциплерге қатаң әмел етиўимиз керек. Шөлкемниң беккем бирлигин сақлаў ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыўға умтылыў зәрүр.

ШБШ ашық шөлкем екенин айрықша атап өтпекшимен. Биз «Шанхай руўхы»н қоллап-қуўатлап, ШБШ Хартиясына әмел ететуғын ҳәр бир мәмлекеттиң ШБШ шаңарағына қосылыў ҳәм ағза болыў тилегин қоллап-қуўатлаймыз.


Қарақалпақстан хабар агентлиги