Қазақстанда Биринши Президент күни мәмлекетлик байрам статусынан айрылыўы мүмкин, деп жазбақта Tengrinews

Атап өтилиўинше, тийисли норма парламент мәжилисинде бүгин көрип шығылатуғын «Қазақстан Республикасының кинематография ҳәм мәденият мәселелерине байланыслы айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарына киргизилген.

«1-декабрь – Биринши Президент күни жәмийетлик әҳмийетке ийе болған басқа әҳмийетли күнлер – Мәмлекетлик нышанлар күни, Шүкиршилик күни ҳәм басқалар сыяқлы мәмлекетлик байрам статусынан алып тасланады», – делинеди Мәжилистиң тийисли комитетиниң жуўмағында.

Еслетип өтемиз, 1-декабрьди мәмлекетлик байрам – Биринши Президент күни сыпатында белгилеў ҳаққындағы нызам 2011-жылдың 10-декабрь сәнесинде қабыл етилген еди.

Бул нызам жойбарында, сондай-ақ, Республика күни (25-октябрь) және улыўмахалықлық байрамға айланыўы белгилеп қойылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги