Шахмат бойынша ең жас жәҳән чемпионы Надирбек Абдусатторов Түркияның Анкара қаласында болып өткен шахмат жарысында мүнәсип түрде қатнасты.
Атап айтатуғын болсақ, Түркия Суперлигасында шахматшылар командаларға бөлинген ҳалда, 13 раунд өз-ара гүрес алып барды. Абдусатторов қурамында ойнаған “Түрк ҳаўа жоллары” спорт клубы жарыс жуўмағында 2-орынды қолға киргизди.
Сондай-ақ, Надирбек лига жуўмағында 9 упай топлап, екинши тахтада жек өзи алтын медальды жеңип алыўға еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы