Шахмат бойынша ең жас жәҳән чемпионы Надирбек Абдусатторов Түркияның Анкара қаласында болып өткен шахмат жарысында мүнәсип түрде қатнасты.

Атап айтатуғын болсақ, Түркия Суперлигасында шахматшылар командаларға бөлинген ҳалда, 13 раунд өз-ара гүрес алып барды. Абдусатторов  қурамында ойнаған  “Түрк ҳаўа жоллары” спорт клубы жарыс жуўмағында 2-орынды қолға киргизди.

Сондай-ақ, Надирбек лига жуўмағында 9 упай топлап, екинши тахтада жек өзи алтын медальды жеңип алыўға еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы