Бирлескен Араб Әмирликлериниң Абу-Даби қаласында халықаралық шахмат жарысы болып өтти.
Онда дүньяның 31 мәмлекетинен 148 шахматшы жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес алып барды ҳәм жарыс жуўмағында 9 мүмкиншиликтен 7 упай топлаған Өзбекстан сайланды командасының ағзасы Жавоҳир Синдоров 2-орынды ийелеўге миясар болды.
Ал, 1-орын болса, 7,5 упай топлаған ҳиндстанлы Аржун Эригайсиге несип етти.
Бул жарыста қатнасқан Нодирбек Ёқуббоев 6,5 упай менен 5-орынды ийелеген болса, Шамсиддин Воҳидов 6 упай менен 20-орынға ылайық деп табылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы