Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-марттағы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламасын әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып республикамыз бойынша 34 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйыны мәмлекетлик бағдарламаға киргизилген.
Ҳәзирги ўақытта усы аймақларда ири қурылыс ҳәм абаданластырыў, аймақлардың инфраструктурасын жақсылаў жумыслары әмелге асырылмақта. Соның ишинде, усы аймақларда барлық тәбийғый газден пайдаланыўшы тутыныўшылар ҳәм газ тармақлары, газ үскенелери хатлаўдан өткерилип газ тармақларын тәртипке келтириў жумыслары да исленбекте.
– «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы тәрепинен газ тәмийнатын жақсылаў бойынша 40,9 километрлик ҳәр қыйлы басымдағы газ тармақларын оңлаў, оларды тәртиплестириў, сондай-ақ 83 газ бөлистириўши пунк техникалық тексериўден өткерилип, газ тармақларын бояў жумыслары алып барылды,-дейди филиалдың газ тармақларын комплексли эксплуатациялаў ҳәм қадағалаў бөлиминиң баслығы Артықбай Жиемуратов.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 23-24-февраль күнги республикамызға сапары даўамында белгилеп берилген тапсырмаларды орынлаў мақсетинде Нөкис қаласындағы социаллық-экономикалық жағдайы аўыр саналған жети аймақта газ тәмийнаты бойынша жәми 103 километрлик газ тармақларын капитал оңлаў ҳәм қайта тартыў белгиленген еди.
Ҳәзирги ўақытта 50 километрлик газ тармақлары тәртипке келтирилип, оларды бояў жумыслары алып барылды. Усы аймақлардағы 8658 жеке хожалыққа заманагөй электрон газ есаплаў үскенелери орнатылып, 3120 хожалықтың үй ишиндеги газ үскенелери техникалық тексериўден өткерилди.
Қаламыздағы Әмиўдәрья мәкан пуқаралар жыйыны аймағында бир қатар жумыслар әмелге асырылып, аймақты абаданластырыў жумыслары алып барылды. Бул жерде 1309 жеке хожалық тәбийғый газ бенен тәмийинленди. Аймақта улыўма 13,2 километрлик газ тармағы, 5 газ бөлистириўши пункт тәртипке келтирилип, бояў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ 1290 жеке хожалыққа заманагөй электрон газ есаплаў үскенелери орнатылды.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта қаламызда шараяты аўыр болған қосымша 8 мәҳәлледе (Анасай, Әмиўдәрья, Жаңабазар, Жайҳун, Жолшылар, Узынкөл) «Аўыр аймақ» бағдарламасы бойынша қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласындағы аўыр аймаққа киргизилген Қоскөл-3 ҳәм Қоскөл-4 елатлы пунктлеринде қызғын жумыслар алып барылып, усы аймақлардағы ҳәр қыйлы басымдағы газ тармақлары қайта оңланып, тәртипке келтирилмекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги