Китап алып оқыў мүмкин болған ең кишкене китапхана АҚШтың Нью-Йорк көшелериниң биринде қурылған болып, бул китапханада тек ғана бир китапқумар пайдаланыўы ушын орын ажыратылған. Ашық сары реңде пласстмасадан исленген бул ықшам ҳәм өзгеше китапханаға 40 қа шамалас китапларды жайластырыў имканияты бар.
Бул китапхананы шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет, турмыстан зеригип жасап киятырған қала турғынларының ўақтын мазмунлы өткериў. Сондай-ақ, оларды қызықтырып, китап оқыўға шақырыў ушын исленген. Және бир мүмкиншиликлерден бири, бул жерден китап алып оқыў бийпул.
Сиз де китап оқып турасыз ба?
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги