Стив Жобс ҳаққында мағлыўматлар
Стив Жобс — америкалы инженер ҳәм исбилермен, Apple Inc. корпорациясының тийкарын салыўшысы ҳәм директоры болған, Стив Жобс көп жумысларды ислей алатуғын, адамды өзине тартатуғын өнимлерди шығарыўда бир қатар жаңалықларды киргизген. Оны көбинесе бизнес тарийхындағы ең табыслы ҳәм басқаларға өрнек бола алатуғын исбилермен деп атайды.
Стив Жобс 1955-жылы 24-февральда Калифорния штатындағы Mountain View қаласында дүньяға келген. Оның жаслық ҳәм жас өспиримлик жыллары сол жерде өткен. Жобс мектептеги балаларға қарағанда жүдә шаққан ҳәм ақыллы еди. Оның ҳақыйқый ата-анасы некесиз туўылғаны ушын нәрестени бағып алыў ушын басқаға берип жибереди. Пол ҳәм Клара Жобслар оны бағып алады.
Баланың негизги әкеси Абдулфаттоҳ Жон Жандалий, Сириялы мусылман, анасы Жоанна Симпсон болса америкалы. Олар кеширек некеден өтеди ҳәм Жандалий сиясый пәнлер, Симпсон болса филология тараўында жумыс алып барады.
2003-жылы Стив Жобстың асқазаны астында рак пайда болады. Емленип болғаннан кейин баста өзин жақсы сезеди, бирақ пүткиллей саўалып кетпейди. Денсаўлығы жақсыланбағаны себепли 2011-жылы август айында Appleдиң бас директоры (ЦЕО) лаўазымынан кетеди ҳәм басқарыў комитетиниң жетекшиси етип сайланады. Стив Жобс 2011-жылы 5-октябрьде 56 жасында ондағы рактиң өтлесип кетиўи нәтийжесинде дүньядан ерте көз жумады.
1974-жылы Стив Жобс мектеп дәўиринде танысқан досты Steve Wozniak пенен және ушырасады ҳәм оған бирге бизнес ашыўды усыныс етеди. Steve Wozniak сол пайытта HP (Hewlett-Packard) компаниясында ислейтуғын еди. 1976-жылы Жобстың Folksvagen минибусын ҳәм Wozniak’тиң программалы калкуляторын сатып, екеўи Жобстың үйиндеги гаражда логикалық плата (logic board) иследи ҳәм оны Apple I деп атады.
Стив Жобс бириншилерден болып компьютерлерден тек илимпазлар ҳәм кәрханалар емес, ал ҳәр қандай инсан пайдаланыўына болады деген пикирлерди алға қойған.
1977-жылы еки дос Apple II компьютерин ислейди ҳәм оған клавиатура менен өзгеше қутыны қосады. Сол жылы Стив шериклеринен ғәрежет топлайды ҳәм Apple Computer компаниясына тийкар салады. Apple II жүдә табыслы өним еди: 1982-жылы Apple бир жылда 1 миллиард доллардан аслам саўда ислеген тарийхта биринши компьютер компаниясы болды. 1983-жылы Apple Computer бурын көрилмеген тезлик пенен АҚШтың ең жоқары 500 компаниялары дизими болған Фортуне 500 қатарына қосылды. Ақыры бул жетискенлик емес пе?
1983-жылы Apple Lisa деп аталған, тийкарынан бизнеслер ушын мөлшерленген компьютерди сатыўға шығарады. Лисада бириншилерден болып экранда курсорды басқаратуғын «тышқан» бар еди. Кейинирек кең жәмийетшиликке мөлшерленген Macintosh күшли компьютери шықты. Macintoshда пайдаланыўшының графикалық интерфейси (Graphical user interface, GUI) технологиясынан қолланылған.
NeXT
1985-жылы Стив Жобс ишки келиспеўшиликлер себепли өзи жаратқан компаниясынан қуўылды. Жобс өзи менен бес қәнигени алып NeXT деген жаңа компанияға тийкар салады. 1986-жылы Jobs Lucasfilm Ltd. деген компанияның компьютер бөлимин сатып алады ҳәм оны Pixar Animation Studios деп атайды. Pixar компьютер анимациясы тараўында ең күшли компанияға айланады. Pixar 1995-жылы «Ойыншықлар тарийхы» (Toy Stroy) — тарийхта биринши мәрте пүткиллей компьютерде исленген филмди шығарады.
1996-жылы Apple NeXTи сатып алады ҳәм Жобс Apple’диң мәсләҳәтшиси етип тайынланады. Кейинрек Жобс және қайтадан Apple’диң баслығы лаўазымына көтериледи ҳәм оның басшылығы тийкарында компания және көтериледи. 1998-жылы Жобс өзи үлес қосқан iMac деген бир ғана бөлимнен ибарат компьютер сатыўға шығарылады ҳәм Apple’диң жумыслары және жүрисип кетеди. Булда бир жетискенлик еди.
iPod, iTunes, iPhone ҳәм iPad
2001-жылы Apple музыка тыңлаў ушын мөлшерленген iTunes программасын шығарды. Сол жылы портатив музыка плейери iPod сатыўға шығарылды. Бул өним пүткил дүнья бойынша қарыйдарларға унайды. Бул табыслардан кейин iTunes музыка сатып алыў сайты ашылды. 2003-жылы апрельде ашылған бул сайттан усы күнге шекем 10 миллиардтан аслам қосық көширилип алынған. 2007-жылы көп функциялы iPhone телефоны, 2010-жылы болса iPad планшет компютери сатыўға шығарылды. Бул еки өнимниң ислеп шығылыўы ҳәм жәмийетшиликке таныстырылыўы бойынша Жобстың өзи шуғылланған.
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги