Ташкент қаласында 1-июнь күни Өзбекстан –Тәжикстан бизнес-форумы ҳәм еки мәмлекет исбилерменлериниң В2В тәризиндеги ушырасыўы болып өтти.

Тәжикстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасына сапары алдынан өткерилген бул илаж еллеримиздиң экономикалық потенциалы ҳәм көп қырлы өз-ара бирге ислесиўиниң көлемин айқын көрсетти.

Еки мәмлекет министрликлери ҳәм уйымлары, бизнес топарлары және санаат бирлеспелери ўәкиллеринен ибарат 200 ден аслам исбилермен қатнасқан әнжуманда саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы додаланды.

Форумда тәреплер делегацияларына Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Сардор Умурзақов ҳәм Тәжикстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары Давлатали Саид басшылық етти.

Еки мәмлекет делегацияларының басшылары экономикалық қатнасты кеңейтиў, жоқары технологиялы қоспа өндирислик объектлерди жаратыў, жоқары талапқа ийе болған өнимлер ислеп шығарыў ҳәм базарға жеткерип бериў бойынша кооперациялық байланысларды орнатыў ушын үлкен имканият бар екенин атап өтти.

Сөйлесиў ўақтында жақын келешекте өз-ара саўданы раўажландырыў ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыўды хошаметлеў мақсетинде «Айбек» ҳәм «Фотехобод» қадағалаў пунктлериниң жанында «Өзбекстан – Тәжикстан» шегара алды саўда-санаат зонасын шөлкемлестириў режелестирип атырғаны мәлим етилди.

Атап өтилиўинше, бул аймақта өндирислик объектлер, логистика орайлары ҳәм зәрүр инфраструктура жайласқан болады.

Сөйлесиў ўақтында  еки мәмлекет исбилерменлери арасындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары сыпатында жеңил санаат, аўыл хожалығы өнимлери  ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў, фармацевтика, электротехника, таў-кән санааты ҳәм энергетика тараўлары санап өтилди.

2021-жылы жеке сектор жойбарларын қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели механизми сыпатында шөлкемлестирилген Өзбекстан – Тәжикстан инвестициялық компаниясының имканиятлары атап өтилди.

Бизнес-форум даўамында транспорт ҳәм логистика және аймақлараралық бирге ислесиў тараўларындағы қоспа жойбар ҳәм басламалар ҳаққында да сөз етилди.

В2В тәризиндеги ушырасыўлар еки тәреп бизнес ўәкиллерине өз өним ҳәм хызметлерин көрсетиў, экспорт потенциалы ҳәм бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары бойынша пикир алысыў имканиятын жаратты. Форум нәтийжесинде бир қатар инвестициялық келисимлерге ҳәм саўда шәртнамаларына қол қойылды.

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабаршысы