Фото: Ортада Алима Раметуллаева

Усы жылдың 16-февраль сәнесинде Өзбек миллий академиялық драма театрында Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен биринши мәрте өткерилип атырған «Жас дикторлар» I республикалық таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти. Бул ҳаққында, министрликтиң рәсмий веб-сайты хабар берди.

Таңлаў жуўмақларына муўапық, Қарақалпақстан Республикасынан Алима Раметуллаева 1-орын ҳәм Шахзада Базарбаева сыйлы 3-орын жеңимпазы деп табылды. Жеңимпаз қызларымызға ноутбук, телефон ҳәм дипломлар тапсырылды.

Фото: Шахзада Базарбаева “Нукус ФМ” радиосында баслаўшылық етти

 

Мағлыўмат ушын, бул таңлаўға Өзбекстанның барлық аймақларынан тәжирийбели қәнигелер тәрепинен сайлап алынған 70 тен аслам жас дикторлар қатнасып, өз қәбилетлерин көрсете алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги