Китап – ақыл қаласы. Бул қалада сиз дем аласыз, мәнаўий азық аласыз, өтмишке саяхат етесиз. Ол оқыўшыларды түрли тәғдирлер менен таныстырады, сол арқалы дурыс жолға баслайды. Биз келешегимиз ушын зәрүр болған билимлерди  китаптан ғана аламыз. Бүгинги күнде китапқумарлықты раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. “Китап оқыған бир бала телевизор көрип отырған он баланы басқарады”,- деген еди Президентимиз Ш.Мирзиёев. Бул сөзлердиң дәлийлин биз күнделикли турмысымызда ушыратамыз.

“Көпир салған адам, көп саўапқа ийе болады” – дейди халқымыз. Бизиңше китапхана қурған, оны китаплар менен толтырған адам да оннан кем саўап алмаса керек. Себеби,  китапхана келешек ийелери болған жаслардың ең жақсы дем алыў орны, олар сол жерден ғана билим сандығын “отта жанбайтуғын, суўда батпайтуғын”, ҳешким алып қоя алмайтуғын «ғәзийнелер»  менен толтырыўы мүмкин. Ал, олардың билим сандығы қаншелли толы болса, мәмлекеттиң раўажланыўы да соншелли жоқары бола береди.

Кегейли районындағы Халқабад елаты жаслары бүгин өз сандықларын толтырып атырғаны анық. Себеби,  бул аймақта Әндижан ўәлаяты ҳәкимлигиниӊ шөлкемлестириўи менен Заҳириддин Муҳаммед Бабур атындағы мәлимлеме китапхана орайы жаӊадан қурылып, усы жылдыӊ  4-апрель сәнесинен өз жумысын баслады.

Биз китапхананыӊ ишки имканиятлары менен танысар екенбиз, басқа дүньяға келип қалғандай болдық, көрип көзимиз қуўанды. “Ҳаў, бул мен излеп жүрген китап-қо, қәнекей ҳәмме китапты оқып шықсақ”,- деген сөзлер тилимизден ериксиз шығып кетти. Бул сезимлер усы жерге келген ҳәр бир адамның кеўлинен өткени анық.

Китапхана үлкенлер ҳәм кишкенелер ушын оқыў залы, компьютер ханасы, түрли илажлар өткериўге арналған зал, bookcafe’тан ибарат. Ҳәзир китапханада 3429 атамадағы 17225 дана китап болып, соннан кирилл әлипбесинде қарақалпақ тилинде 739, өзбек тилинде 6884, латын әлипбесинде қарақалпақ тилинде 433, өзбек тилинде 5786, рус тилинде 2936, қазақ тилинде 4, инглиз тилинде 439, түрк тилинде 4 китап бар. Компьютерлерге 1000 нан аслам китаплардың электрон варианты киргизилген. Ол жерден сиз ҳәттеки, китаплардың аудио форматы жазылған дисклерди де таба аласыз. Атап айтқанда, жүзден зыят диск болып, ҳәр дискке 30-35 китап киргизилген, жәми 8000 нан аслап аудио китап бар.

Китапханадан абитуриентлер ушын арнаўлы пәнге тийисли китаплар, тест топламлары, экономика, медицина тараўына байланыслы китаплар, ҳуқықтаныў, бизнес, техника, философия, психология, дин, фольклор, тил ҳәм әдебияттаныў илимине байланыслы китаплар, прозалық ҳәм поэзиялық көркем шығармалар, топламлар ҳәм басқа да мазмундағы мийнетлер орын алған.

Бул китаплардан ҳәмме, ҳәттеки, имканияты шекленген балалар да пайдалана алады. Ал, жасы үлкен ата-апаларға китапхана қәнигелери үйлерине китапларды  алып барып бермекте.

-Аймағымызда наўқаслығы себепли, үйинде оқып атырған 1-класс бала бар. Ол китап оқыўға жүдә қызығады, оғада талапшаң.  Оның менен қатар балалар ойын баласы болып жүреди, ал, ол кишкене болса да ўақтынан үнемли пайдаланыўды қәлейди ҳәм үйинде нәл отырғызады. Биз оған қәлеген китабын алып барып беремиз ҳәм оқып болғанынан соң алып қайтамыз. Ол бизди интизарлық пенен күтеди. Ондағы қызығыўшылық бизди еле де жақсы жумыс ислеўге ийтермелейди, – дейди китапхананыӊ абонементлерге хызмет көрсетиў қәнигеси Мийирхан Сәрсенова.

Ол жердеги бизди өзине тартқан және бир нәрсе – bookcafe. Дерлик, республикамыздыӊ ҳеш бир китапханасында  бундай bookcafe’лер жоқ. Бул китап оқыўды жақсы көретуғынлар ушын  әжайып жаңалық болды.

Бүгинги күни китапханаға Ақсүӊгил Ешбаева басшылық етип келмекте. Ал, китапхана қәнигелери Бийбисара  Хожамуратова  ҳәм Гүлбәҳәр Алламуратовалардыӊ ислеген ислеринен китапхана оқыўшыларыныӊ кеўли тоқ.

– Китапханамыз ҳеш ўақытта бос турған емес. Ҳәр күни адамлар менен толы, залымызда түрли таңлаўлар өткерилип,  экскурсия ретинде оқыўшылар китапханамызға келеди. Бул болса бизге және үлкен жуўапкершилик жүклейди, – дейди китапхана қәнигелери.

Бирақ, тилекке қарсы, китапханаға тек Wi-fi ҳәм бир қатар қәнигелер жетиспейди екен. Егер, бул жерде  Wi-fi қурылса,  компютерлерден интернеттен биймәлел пайдаланыў имканияты пайда болар еди.  Деген менен, китап текшелериндеги жағымлы ийиси таралып турған китапларды алып оқыўдың заўқы да бир бөлек. Дәслеп соларды оқып алайық, басқалары өз нәўбетин күтсин…

Усы жерде айтып өтиўимиз керек болған және бир мәселе, бул китапханада қарақалпақ тилиндеги китаплардың саны жүдә аз екенлиги. Ҳәзир ана тилимиздеги китаплар саны өзбек тили, рус тилиндеги китаплардан әдеўир аз. Бирақ қәнигелердиң айтыўынша, китапханаға қарақалпақ тилиндеги китаплар саўғаға берилип атыр екен. Атап айтқанда, жақында Қарақалпақстан халық шайыры Халила Даўлетназаров өз китапларын саўға ретинде тапсырған.

Бизлер жақын күнлер ишинде китапханада  ана тилимиз болған қарақалпақ тилиндеги китаплардың саны көбейеди деген үмиттемиз.

Яқупбаева Перуза,

Султанбаева Гаўхар.

Бердақ атындағы ҚМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 1-курс студентлери

Қарақалпақстан хабар агентлиги