Нөкис қаласындағы Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң 85 жыллығы мүнәсибети менен байрам кешеси шөлкемлестирилди.
Оған тараў басшылары, ветеранлары, қәнигелери, муғаллимлер, оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.
Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қалбай Турдиев, тараў ветераны Мақсет Тарийхов, Нөкис қаласындағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң директоры Ахмет Тәжимуратов, 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң директоры Султан Муҳамметдинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мектеп шөлкемлестирилгенлигиниң 85 жыллығы менен қызғын қутлықлап, естелик саўғаларын тапсырды.
Онда шығып сөйлегенлер, бул мектептиң халқымыздың бийтәкирар мәденияты менен көркем өнерин раўажландырыў, өсип киятырған жас әўладтың руўхый дүньясын және де байытыў, оларды миллий қәдириятларымыз ҳәм дәстүрлеримизге ҳүрмет, ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, талантлы жасларымыздың қәбилетин жетилистириў жолындағы хызметлери оғада үлкен екенлигин айрықша атап өтти.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде республикамызда 24 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби жумыс алып барып атырған болса, соның ишинде, Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң орны гиреўли. 85 жыллық тарийхқа ийе бул оқыў орны республикамызда шөлкемлестирилген дәслепки көркем өнер дәргайларынан бири болып есапланады.
Усы жыллар даўамында бул оқыў дәргайынан көплеген талантлы инсанлар жетилисип шығып, халқымыздың өзине тән көркем өнериниң қәстерлеп сақланыўы, раўажланыўы ушын пидайы хызмет көрсетип, бүгинги күнде жәмийетимиздиң ҳәр түрли салаларында мийнет етип келмекте. Ҳәзирги ўақытта усы мектепте өз кәсибиниң жетик қәнигелеринен тәлим-тәрбия алып киятырған мектеп оқыўшылары республика көлеминде өткерилетуғын байрамлар, халықаралық фестиваль, таңлаў ҳәм басқа да илажларда мүнәсип қатнасып келмекте.
Илаж даўамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының симфониялық оркестри, мектеп оқыўшыларының атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги