Жаңадан үзилген резаворлар денени рак кеселлигинен қорғайтуғын ҳәм исиниўди азайтатуғын элементлерге ийе болады.
Бул ҳаққында россиялы диетолог, медицина илимлериниң докторы Михаил Гинзбург мағлыўмат берген.
Қәнигениң пикиринше, жаңадан үзилген қулпынай қурамындағы аскорбин кислотаның жоқары муғдары кверцетин менен биргеликте қан тамырларының жағдайын турақлыластырады, қан микроциркуляциясын жақсылайды ҳәм мийдиң жумысына унамлы тәсир көрсетеди.
Мийўе, сондай-ақ, денедеги исиниў процесслерине жедел қарсылық көрсететуғын ҳәм клетка мутациясының қәўпин азайтатуғын флавоноидларға бай.
«Қулпынайдың қурамында галловая кислота бар, ол онкологиялық кеселликлерге қарсы тәсирге ийе. Қулпынайды турақлы жеў менен рактиң бирлемши алдын алыўға болады ҳәм бул ҳәр қыйлы онкологиялық кеселликлерге де пайдалы болады», деди Гинзбург.
Диетолог қулпынайды жегеннен кейин тислерди жуўыўды мәсләҳәт берген. Себеби оның қурамында эмальди жоқ ететуғын ҳәм кариестиң пай да болыўына үлес қосатуғын органикалық кислоталар бар.
Қарақалпақстан хабар агентлиги