Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде тәбийғый ҳәм техноген түрдеги айрықша жағдайлар, оғада қәўипли жуқпалы кеселликлердиӊ алдын алыў, азық-аўқатлық затлардан зәҳәрлениў, суў тасқыны қәўип туўдырыўы мүмкин болған турақ жайларды қамсызландырыў, балалардыӊ шомылыў қадаған етилген орынларда шомылыўыныӊ алдын алыўға бағышланған илаж болып өтти.
Оған мектеп жәмәәти менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасыныӊ жуўапкер хызметкерлери қатнасты. Илажды мектеп директоры О.Шерназаров басқарып барды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы бөлимше баслықлары Р.Исаев ҳәм М.Қазақбаевлар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министриниӊ 2019-жыл 23-августтағы буйрығы тийкарында ҳәр ҳәптениӊ сәршемби күни елимиз бойлап профилактика күни сыпатында белгиленип киятырғанлығын ҳәм усы тийкарда көплеген жумыслар исленип атырғанын айтып өтти.
Сондай-ақ, қәнигелер тәрепинен оғада жуқпалы кеселликлердиӊ түрлери, олардыӊ белгилери ҳәм оннан сақланыў жоллары, зәҳәрли газ ийиси ҳәм аўқатлық затлардан зәҳәрлениўдиӊ алдын алыў, суўға шомылыў қағыйдалары бойынша оқыўшыларға кеӊ түрде түсиниклер берди.
Өз гезегинде оқыўшылар да қәнигелерге өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша сораўларын берип, оларға тийисли жуўаплар алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы