Түркияныӊ Стамбул қаласында даўам етип атырған ҳаял-қызлар арасындағы жәҳән чемпионатында кеше еки өзбекстанлы боксши өзлериниӊ ярым финал ушырасыўларын өткерди.
Атап айтқанда, 50 кг салмақта табыслы қатнасып атырған боксшимиз Азиза Ёкубова колумбиялы Лорена Валенсияга қарсы рингке шығып, 1:4 есабында жеӊилип қалды ҳәм чемпионаттыӊ қола медалы ийесине айланды.
Ал, +81 кг салмақта қатнасып атырған боксшимиз Моҳира Абдуллаеваға да ярым финалда әўмет күлип бақпады. Марокколы боксшиге қарсы рингке түскен бул спортшымыз ушырасыўдыӊ 1-раундында-ақ аяғынан жарақат алды. Буннан соӊ төрешилер Моҳираға беллесиўди даўам еттириўге рухсат етпегени себепли қарсылас боксши жеӊиске еристи.
Солай етип, бул жәҳән чемпионаты өзбекстанлы спортшылар ушын өз жуўмағына жетти ҳәм онда 2 қола медалын қолға киргизген командамыз өзиниӊ тарийхый нәтийжесин көрсетти.
Еслетип өтемиз, буған шекем бокс бойынша Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы бирде-бир медалды қолға киргизбеген еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы