15-16-күни Ташкент қаласында “Дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша еӊ үлгили үгит-нәсиятшы» таӊлаўыныӊ жуўмақлаўшы басқышы болып өтти.
Онда мәмлекетимиздиӊ барлық аймақларында жеӊимпаз болған үгит-нәсиятшылар қатнасты.
Еки басқыштан ибарат болған таӊлаў жуўмағында 1-орынды Наўайы ўәлаятынан Ҳулкар Ғаффорова ҳәм Самарқан ўәлаятынан Абдуваҳоб Зарипов ийелеген болса, 2-орын Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 19–санлы мектептиӊ үгит-нәсиятшысы Гөззал Ибраимова ҳәм Ташкент қаласынан Зикрилло Неъматовқа несип етти.
Ал, сыйлы үшинши орында болса, ферғаналы Наргиза Ўринова ҳәм қашқадәрьялы Жобир Исматиллоев ийеледи.
-Таӊлаўдыӊ дәслепки басқышында тест сынағынан өттик,-дейди бизге таӊлаў жеӊимпазларыныӊ бири Гөззал Ибраимова.- Соӊынан Ташкенттиӊ еӊ пайызлы орынларына саяхат шөлкемлестирилди. Жаслар дөретиўшилик сарайында болса, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы баслығы Минҳожиддин Ҳожиматов, Жазыўшылар аўқамы баслығы Сирожиддин Саййид, Халық билимлендириў министриниӊ орынбасары Ваҳобжон Ражабов пенен ушырасыў шөлкемлестирилди. Қолға киргизген нәтийжемнен қуўанышлыман. Алдағы ўақытлары да оқыўшылардыӊ әдебият, мәденият ҳәм дөретиўшиликке деген қызығыўшылығын арттырыў жолында өз үстимде ислеўде ҳасла жалықпайман.
Сондай-ақ, таӊлаў қатнасыўшылары бир неше номинациялар бойынша да жеӊимпаз деп табылды ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлы саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы