Еслеў ҳәм қәдирлеў күни және Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 77 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлердиң басшылары ҳәм белгили сиясий ғайраткерлеринен, халықаралық шөлкемлердиң басшыларынан қутлықлаўлар келмекте.
Сырт елли бирге ислесиўшилер көп миллетли Өзбекстан халқының Уллы Жеңиске қосқан үлкен үлесин айрықша атап өткен. Қутлықлаўларда бүгинги еркин ҳәм тыныш турмысымыз жолында саўаш майданында ҳақыйқый қаҳарманлық, мислсиз мәртлик көрсеткен, фронт артында пидәкерлик пенен мийнет еткен ветеранларымызға терең ҳүрмет ҳәм миннетдаршылық билдирилген.
Өзбекстан Президенти ҳәм халқына беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, абаданлық, мәмлекетимизге турақлы раўажланыў тилеклери билдирилген.
Төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:
Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин,
Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев,
Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Жапаров,
Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон,
Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов,
Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев,
Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко,
Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов,
Қазақстан Республикасының Биринши Президенти Нурсултан Назарбаев,
Россия Федерациясы Қәўипсизлик Кеңеси Баслығының орынбасары Дмитрий Медведев,
ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев.
ӨзА