Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 20-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарында айрықша атап өтилгениндей, мәмлекетимизде быйылғы байрам илажлары муқаддес Рамазан айында «Еслеў бар екен – миллет жасайды», «Итибар ҳәм ғамқорлық – инсаный миннет» сүренлери астында өтиўи белгилеп берилди. Екинши жер жүзилик урысы миллионлаған бийгүнә адамлардың биймезгил өлимине, мисли көрилмеген жоғалтыўлар ҳәм зыянларға себепши болған дүньядағы ең қорқынышлы, қанлы қырғынлардан бири сыпатында инсаният тарийхында мөрленип қалды.

Көп миллетли Өзбекстан халқы да ҳақыйқый мәртлик ҳәм пидайылық көрсетип, фашизм үстинен ерисилген жеңиске үлкен үлес қосты. Атап айтқанда, 2 миллионға шамалас ўатанласымыз саўашта қатнасып, олардың 500 мыңнан асламы қаҳарманларша қурбан болды. Соның менен бирге, урыс дәўиринде республикамыз фронт ушын зәрүр болған азық-аўқат, кийим кеншек, қурал-жарақ ҳәм басқа да затларды жеткерип беретуғын әҳмийетли тәмийнат орайларынан бирине айланды. Әсиресе, ўатанласларымыз саўашлар даўам етип атырған аймақлардан Өзбекстанға көширилген 1,5 миллионнан аслам кекселер, ҳаяллар ҳәм жас перзентлеримизди ўатан сүйиўшилик ҳәм ата-бабалар ерлигине садықлық руўҳында тәрбиялаўда илҳамландырып келмекте.

Екинши жер жүзилик урыс пүткил инсаният ушын оғада аўыр сынақлары ҳәм жоғалтыўлары менен елеге шекем адамлардың ядында сақланып келмекте. Қарақалпақстаннан да урыс майданларына 64 мыңнан аслам жаўынгерлер атланып, олардың тең ярымы саўаш майданларында қурбан болды.

Екинши жер жүзилик урысқа қатнасқан жаўынгерлердиң бири – қатардағы солдат Жамурат Қутлымуратов еди.

Қутлымурат улы Жамурат 1922-жылы 27-декабрьде Кегейли районының 5-аўыл Советиниң (Кеңесиниң) Тоқмаңғыт аўылында дийқан семьясында туўылды. Оның балалық дәўири 1930-жыллардағы ашлыққа дус келди. 1937-жылы аўылда IV класты питкерип, оқыўын район орайындағы М.Горький атындағы мектептиң интернатында даўам етти.

Белгили бир кәсип ийелеў мақсетинде 1939-жылдың сентябрь айында Шымбай қаласында жайласқан педагогикалық училищеге оқыўға киреди. Шымбай педучилищесине оқып атырған дәўиринде урыс басланып, 1942-жылы июнь айында оқыўды питкергеннен соң фронтқа атланады. Армияға алынған қарақалпақстанлы азаматлар қатарында Жамурат Қутлымуратов  көп узамай 2 айдың ишинде фронтқа атланды, олардың көбиси Сталинград ушын қырғын саўашта қаза тапты, биразы аўыр жарадар болды. Орта мағлыўматлы саўатқа ийе Ж.Қутлымуратов артиллерия разведкасына таярлайтуғын әскерий бөлимде связист кәсибин үйренип Сталинград саўашына қатнасады. Ж.Қутлымуратов 1942-жыл 19-ноябрь күни Сталинград майданындағы саўашларға кириседи ҳәм усы күннен баслап 3 жыл даўамында туўған жер ана Ўатан ушын немис фашизмине қарсы саўашларға қатнасып, Сталинградтан баслап Берлин, Прагаға шекемги аралықтағы қырғын саўашлардың қанлы соқпақларын басып өтти ҳәм 1945-жыл 9-май күни Прага қаласында адамзат тарийхында үлкен әҳмийетке ийе болған Уллы Жеңис күнин күтип алады.

Жамурат Қутлымуратов саўаш майданларында көрсеткен жаўынгерлик мәртлиги ушын урыс дәўиринде 5 рет мәмлекетлик орден ҳәм медальлар менен сыйлықланады.

Урыстан кейинги дәўирде 1946-жылдың январынан 1948-жылдың 1-сентябрине шекем Кегейли районының Андреев ҳәм М.Горький атындағы орта мектеплеринде муғаллим ҳәм оқыў ислери бойынша директордың орынбасары болып иследи. Өзиниң билимин жоқарылатыў мақсетинде 1947-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының физика-математика факультетине оқыўға кирип, институтты 1951-жылы питкерип математика кафедрасына оқытыўшы етип жумысқа қабылланады. Жамурат Қутлымуратов жоқары билимлендириўдеги дәслепки жергиликли қәнигелерден болды. Оның кейинги өмири Қарақалпақстандағы жоқары билим орайлары менен тығыз байланыслы.

Жамурат Қутлымуратов жоқарғы билимлендириў тараўында 42 жыл ислеген дәўиринде 5 жыл кафедра баслығы (1964-1969), 17 жыл физика-математика ҳәм математика факультети деканы (1957-1963, 1972-1985), 5 жыл сырттан оқыў бөлиминиң проректоры (1952-1955, 1984-1986), 4 жыл (1968-1972) Қарақалпақстанда биринши шөлкемлестирилген бирлескен есаплаў орайының директоры лаўазымында жемисли мийнет етти.

Профессор Жамурат Қутлымуратов пүткил өмирин Қарақалпақстанда жоқары билимлендириў тараўының раўажланыўы ушын хызмет көрсеткен пидайы устаз еди. Физика-математика илимлериниң кандидаты, профессор, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери Жамурат Қутлымуратовтың өмир жолы жасларымыз ушын өрнек болады.

С.Сулайманов,

ҚМУ тарийх факультети деканы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.