Олий Мажлис Сенатында Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Сенат баслығы Танзила Норбоева басқарған мәжилисте мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў бойынша исленип атырған әмелий жумысларға айрықша итибар берилди.

Бул бағдарда мониторинг жумыслары даўам еттирилди. Атап айтқанда, Халықаралық мийнет шөлкеминиң Үшинши тәреп мониторинги, Кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен миллий мониторинг және Мийнет инспекциясының мониторинги өткерилди.

Сенатор ҳәм орынлардағы депутатлар тәрепинен журналист ҳәм блогерлерди тартқан ҳалда парламент қадағалаўы орнатылды. Бул мониторинг жумысларына пуқаралық жәмийети институтының ўәкиллери, ҳуқық қорғаўшылары да кең түрде тартылды.

2020-2030-жылларға мөлшерленген аўыл хожалығын раўажландырыў стратегиясы шеңберинде тараўды реформалаў, мүнәсип мийнет шараятын жаратыў ҳәм мийнет ушын мүнәсип ҳақы төлеў системасын жетилистириў жумыслары алып барылды.

Адам саўдасына байланыслы жынаятларды анықлаў ҳәм айыпкер шахсларды жуўапкершиликке тартыў бойынша сезилерли өзгерислер бақланды.

Сенат баслығы 2021-жылы адам саўдасы менен байланыслы жынаятларды анықлаў жумыслары 2020-жылға салыстырғанда 43 процентке, айыпкер шахсларды жынайый жуўапкершиликке тартыў жумыслары 47,5 процентке артқанын атап өтти.

Бул бағдарларда әмелге асырылып атырған жумыслар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен де унамлы баҳаланып, елимиздиң имиджин арттырыўға хызмет етпекте.

Соның ишинде, 2021-жыл 1-июль күни АҚШ Мәмлекетлик департаменти тәрепинен жәрияланған «Жәҳәнде адам саўдасы ҳаққындағы жыллық баянат»та Өзбекстан айрықша бақлаў астындағы мәмлекетлер дизиминен шығарылғаны атап өтилди. Халықаралық стандартларды толық орынлаў бойынша кең көлемли жумысларды әмелге асырып атырған мәмлекетлер дизимине киргизилди.

Халықаралық мийнет шөлкеми Өзбекстанда 2021-жылы да пахта жыйын-терими мәўсими даўамында системалы балалар мийнетинен ҳәм мәжбүрий мийнеттен улыўма пайдаланбағаны ҳаққындағы жуўмақлаўшы шешимин, сондай-ақ, бул бағдардағы мониторинг жумысларын толық Өзбекстан тәрепине тапсырылғанлығын жәриялады.

Нәтийжеде халықаралық жәмийетшилик мәмлекетимизде бул бағдарда әмелге асырылып атырған реформаларға жоқары баҳа берди.

«Cotton Campaign» халықаралық коалициясы тәрепинен Өзбекстан пахтасына қойылған глобал бойкот бийкар етилиўи кең көлемли реформалар нәтийжелилигиниң айқын мысалы болды.

– Президентимиздиң исенимли сиясий ерк-ықрары, сондай-ақ, Мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясы тәрепинен Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм үш тәреплеме бирге ислесиўшилер менен биргеликте, пуқаралық жәмийети ўәкиллериниң белсене қатнасыўында әмелге асырылған кең көлемли жумыслар себепли бундай жетискенликлерге ерисилди,-деди Т.Норбоева. – Бул нәтийжелер, инсан ҳуқықларын тәмийинлеўге, санаатты, атап айтқанда, пахта-тоқымашылық санаатын раўажландырыўға имканият жаратады. Соның менен бирге, және де үлкен жуўапкершилик те жүклейди ҳәм тараўда системалы жумысларды әмелге асырыўды талап етеди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы