Усы жылдың 2-май күни түнги саат 3:00 лер шамасында Нөкис қаласы П.Сейтов көшесинде жасаўшы 37 жасар У.А.ға тийисли «Cobalt» маркалы автомашинаның үйдиң алдында есиги қулыплаўсыз қалғанлығынан пайдаланып, алып қашылғаны анықланды.
Алып барылған оператив-излеў илажлары нәтийжесинде, автомашинаны Нөкис қаласы К.Сайпов көшесинде жасаўшы 19 жасар А.А.ның алып қашқанлығы мәлим болды. Ол алып қашылған транспорт қуралын басқара алмай, А.Досназаров көшесиниң бойындағы салмаға түсип кеткен. Ҳәдийсе орнына жетип келген ишки ислер хызметкерлери А.А.ны қолға алып, «Cobalt» маркалы автомашинаны айғақлы зат ретинде рәсмийлестирип алды.
Бул жағдай бойынша Нөкис қаласы Ишки ислер уйымларының жумысын муўапықластырыў басқармасы Тергеў бөлими тәрепинен А.А.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, гүманланыўшы процессуал тәртипте усланды.
Ҳәзир тергеў даўам етпекте.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы