Бүгин, 29-апрель күни Нөкис қаласындағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тәрепинен «Өзбекстан – улыўма үйимиз» сүрени тийкарында миллетлер аралық татыўлық фестивалы болып өтти.

Фестиваль шеңберинде институтта оқып, билим алып атырған түрли миллет ўәкиллери, шебер студентлер тәрепинен исленген миллий кийимлер, қол өнери үлгилери, сүўретлер көргизбеси шөлкемлестирилди.

Бүгинги күнде елимизде бир жүз отыздан аслам миллет ҳәм халықлардың ўәкиллери бир шаңарақтың перзентлериндей татыўлықта, аўызбиршиликте жасап, түрли тараўларда нәтийжели мийнет етпекте. Барлық миллет ҳәм халықлардың тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў және раўажландырыў ушын барлық шараятлар жаратылған. Мәмлекетимиз тәрепинен ҳәр қыйлы миллетлер арасында өз ара мийрим-шәпәәтти буннан былай да беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

– Дерлик 90 жыллық тарийхқа ийе Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ҳәзирги ўақытта 17 мыңға шамалас студентлер билим алмақта. Билимлендириў 5 тилде алып барылатуғын бул уллы дәргайда қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен, рус, корейс, қырғыз, әзербайжан, башқурт, уйғыр ҳәм татар сыяқлы улыўма 11 миллетке тийисли студентлер бир шаңарақтың перзентлериндей, аўызбиршиликте оқып атыр. Олар тек ғана институтта емес, соның менен бирге, республикамыз көлеминде өткерилип киятырған улыўма халықлық илажларда да татыўлық пенен биргеликте қатнасып, үлкен нәтийжелерди қолға киргизип келмекте. Усындай жағдайдың өзи тиккелей Ғәрезсизлигимиздиң көп миллетли халқымызға берген уллы жемиси деп есаплаймыз, – дейди институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қ.Қодиров.

Фестиваль шеңберинде институттың «Тумарис» халық ансамбли ҳәм талантлы студентлериниң атқарыўындағы түрли миллет ўәкиллериниң қосықлары, аяқ-ойынларынан ибарат концерт бағдарламасы жыйналғанлар итибарына усынылды.

Фестиваль жуўмағында илимий-педагогикалық жумыслар менен бирге, руўхый-ағартыўшылық ислеринде айрықша белсендилик көрсетип, шөлкемлестириў жумысларына мүнәсип үлес қосып киятырған бир топар педагог-хызметкерлер Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм институт ректораты атынан сыйлықланды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.