28-апрель күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма бесинши жалпы мәжлиси өз жумысын баслады.
Жалпы мажлисти Олий Мажлис Сенатының баслығы Танзила Норбаева алып барды.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисте сенаторлар, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери және миллий ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Дәслеп сенаторлар «Почта байланысы ҳаққында»ғы нызамды көрип шықты.
Бул нызамның жаңа редакциясы хызметлер базарындағы почта байланысы жумысын раўажландырыўға ҳәм почта байланысы тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылған.
Нызам менен почта байланысы тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары кеңейтилип, оған тийкарланып мәмлекет тәрепинен почта байланысын халықаралық нормалар менен стандартларға муўапық раўажландырыў, тараўға инвестицияларды тартыўға қолайлы шараятлар жаратыў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў, алдыңғы инновациялық, мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўди хошаметлеў белгиленбекте.
Бул нызам ҳүжжетлерине әмел етиў бойынша мәмлекетлик қадағалаўды жүргизетуғын мәмлекетлик уйым сыпатында Өзбекстан Республикасы Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекция белгиленбекте.
Нызам менен пайдаланыўшылардың мәнзилине байланыслы мағлыўматлар, почта ҳәм курьерлик жөнелтпелери, олардың қурамы ҳаққындағы мәлимлеме, сондай-ақ, почта байланысы операторлары және провайдерлериниң жумысы тараўына киретуғын басқа да хабарлар почта байланысының сырын шөлкемлестириў ҳәм оны мәмлекет тәрепинен кепилликке алыў белгиленбекте.
Сондай-ақ, нызам почта байланысының қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары ҳаққындағы жаңа норма менен толықтырылмақта. Атап айтқанда, почта байланысының қәўипсизлиги почта байланысы сырын қорғаўға, почта ҳәм курьерлик жөнелтпелердиң, почта байланысы қуралларының пүтин сақланыўын тәмийинлеўге қаратылған.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң сенаторлар, «Ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суўларды шығарып жибериў ҳаққында»ғы нызамды додалады.
Усы нызам менен Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суўларды шығарып жибериў тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип, министрлик жанындағы Ишимлик суўынан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы ҳәм оның аймақлық инспекциялары тараўда мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асыратуғын уйым екени ҳәм олардың ўәкилликлери белгиленбекте.
Тутыныўшыларға тийкарсыз есапланған төлемлердиң ярымы муғдарында ишимлик суўы тәмийнаты шөлкеминен компенсация талап етиў ҳуқықы берилмекте.
Сондай-ақ, Ишимлик суўынан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясына ақаба суўды шығарыў қубырларына патаслайтуғын затларды нормадан артық муғдарда ағызған шахсларға компенсация төлемлерин өндириў ҳуқықы берилмекте.
Нызамда ишимлик суўы тәмийнаты шөлкеминиң тармақлары болмаған аймақларға ишимлик суўын бериў, қубырлардағы ҳәм конструкциялардағы авариялар ўақтында және ишимлик суў тәмийнаты тармақларында оңлаў-тиклеў жумыслары әмелге асырылып атырғанда, сондай-ақ, айрықша жағдайларда ишимлик суўын транспортта жеткерип бериў нәзерде тутылмақта.
Бул нызамның турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде тараўды турақлы раўажландырыў ҳәм хызметлердиң сапасын арттырыўға мөлшерленген тәсиршең ҳуқықый база жаратылыўына, насазлықлар ақыбетинде ишимлик суўы патасланыўының алдын алыўға, тутыныўшылар тәрепинен ишимлик суў ҳәм ақаба суў қубырларына нызамсыз жалғаныў жағдайларының алдын алыўға, тутыныўшылар ҳәм хызмет көрсетиўши шөлкемлер арасында ашық ҳәм тең ҳуқықлы механизмлер енгизилиўине ерисиледи.
Бул нызам да сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң мәмлекет басшылары тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында жетилистирилген «Инсан ағзалары ҳәм тоқымалар ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Билдирилген усыныслар тийкарында сенаторлар тәрепинен тийисли министрликлер ҳәм уйымлар және жергиликли кеңеслердиң турақлы комиссиялары менен биргеликте нызамның нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў бойынша «Жол картасы» ислеп шығылды.
«Жол картасы»нда трансплантация процесслерин сапалы әмелге асырыў ушын зәрүр болған нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди ислеп шығыў, бул хызметти халыққа жақынластырыў ҳәм барлық аймақларда бүйрек трансплантациясы әмелиятын жолға қойыў, тийисли мәмлекетлик медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў және жоқары маманлықтағы медицина кадрларын таярлаў сыяқлы бағдарлар қамтып алынған.
Нызам қабыл етилгеннен соң «Жол картасы»нда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы сенаторлар тәрепинен орынларда турақлы түрде қадағалап барылады.
Бул нызамның қабыл етилиўи менен тараўдың нормативлик-ҳуқықый базасын жетилистириўге, халықты ҳуқықый ҳәм социаллық-экономикалық жақтан қорғаўға қаратылған мәмлекетлик сиясатты әмелдеги нызамшылық тийкарлары менен толықтырыўға имканият жаратылады.
Сондай-ақ, нызам кеселлениў ҳәм инсан ағзаларындағы қайтарып болмайтуғын процесслер себепли өлимге алып келетуғын жағдайларды азайтыўға хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң сенаторлар «Қорғаў жумысы ҳаққында»ғы нызамды көрип шықты.
Физикалық шахслардың өмирин ҳәм денсаўлығын, олардың мүлкин және объектлерин қастыянлықлардан қорғаў, қорғалатуғын объектлер аймағында жәмийетлик тәртипти сақлаў, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм оларға шек қойыў нызамның тийкарғы ўазыйпалары есапланады.
Нызамда қорғаў жумысын әмелге асыратуғын субъектлердиң дизими тастыйықланып, Өзбекстан Республикасы аймағында қорғаў жумысын сырт мәмлекетлердиң шөлкемлери ҳәм олардың жеке меншик қорғаў шөлкемлери тәрепинен әмелге асырыўға жол қоймаў, буған Өзбекстан Республикасы аймағына қысқа мүддетли сапар менен келген жоқары дәрежели мийманлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў жағдайлары кирмейтуғыны белгиленбекте.
Сондай-ақ нызамда қорғаў жумысын әмелге асыратуғын субъектлер әскерий хызметкерлериниң, жумысшылары ҳәм хызметкерлериниң ҳуқықлары менен миннетлемелери, бул лаўазымларға талабан болғанларға қойылатуғын талаплар, тараў қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў және олардың маманлығын арттырыў, әскерий хызметкерлердиң кәсиплик, физикалық ҳәм жаўынгерлик таярлығы жағдайына байланыслы нормалар нәзерде тутылмақта.
Нызамда физикалық күш жумсаў мүмкин болған жағдайлар, арнаўлы қуралларды ҳәм хызмет қуралынан пайдаланыў шәртлери ҳәм тәртиби, қорғаў жумысы ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ушын жуўапкершиликке байланыслы нормалар беккемлеп қойылмақта.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң «Халықаралық коммерциялық арбитраж ҳаққында»ғы нызам қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Сенаторлар ҳәзирги заманда регионаллық ҳәм халықаралық дәрежелерде нызамшылық бирдей түрге енип атырған шараятларда ҳәм миллий, ҳәм халықаралық дәрежелерде базар қатнасықларының тийкарғы элементлеринен бири есапланған халықаралық арбитраж коммерциялық даўларды шешиўдиң альтернатив, судтан тысқары түри сыпатында барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып атырғанын атап өтти.
Бул тараўдағы даўларды көрип шығыўда хожалық жүргизиўши субъектлердиң қәрежетлерин қысқартыў, арбитраждың шешиўши қарарларын тән алыў ҳәм орынлаў механизмлерин белгилеў ҳәм сол тийкарда халықаралық шәртнамалардың даўлы мәселелерин шешиўде мәмлекеттиң региондағы абырайын арттырыў мақсетинде «Халықаралық коммерциялық арбитраж ҳаққында»ғы нызам қабыл етилгени, сонлықтан, «Халықаралық коммерциялық арбитраж ҳаққында»ғы нызам нормаларының әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде Экономикалық процессуал кодексине және «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Буннан тысқары, «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамға киргизилип атырған өзгерислерде арбитраждың шешиўши қарары үстинен шағым етиў ҳаққындағы арзалардан да мәмлекетлик бажы өндирилиўи ҳәм баждың муғдары белгилеп берилмекте.
Бул нызам да сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасында медициналық-социаллық хызметлер системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Кейинги жылларда халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламының ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы нызамшылықты жетилистириўде әҳмийетли ҳүжжетлер ислеп шығылып, қабыл етилди.
Жалпы мәжилистиң додалаўына алып шығылған бул нызам «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы нызам қабыл етилгени және медициналық-социаллық хызметлер тараўындағы кейинги реформалар есапқа алынған ҳалда ислеп шығылған.
Буннан тысқары, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске мийманханаларда майыплығы болған шахсларға шараятлар жаратыў талапларын орынламағаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте.
Сондай-ақ, «Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы нызамға «медициналық-социаллық экспертиза» түсиниги және «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы нызамдағы «майыплығы болған балалар» түсиниги толық сәўлелендирип берилмекте.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соң сенаторлар «Қурал ҳаққындағы нызамшылық жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды додалады.
Әмелдеги «Қурал ҳаққында»ғы нызам менен оқ атыў қуралынан тысқары пневматик, газли, сигнал бериўши, суўық, ылақтырыў қуралы ҳәм электрошок қуралларына ийелик етиўге рухсат берилген.
Бирақ оқ атыў қуралы болмаған жоқарыда көрсетилген қуралларға нызамсыз ийелик етиў ушын болса нызамшылықта жуўапкершилик жоқ.
Әпиўайы етип айтқанда, оқ атылмайтуғын қуралға нызамсыз ийелик етиў, яғный үйде сақлаў, көшеде алып жүриў, билимлендириў мәкемелерине алып барыў ҳәм басқа да жағдайларда қурал ийеси оннан ҳәр қыйлы жынайый мақсетлерде пайдаланбайтуғынына кепиллик жоқ.
Сонлықтан, бүгин додаланып атырған нызам менен әмелдеги 2 кодекске ҳәм 6 нызамға өзгерислер киргизиў нәзерде тутылмақта.
Қурал ҳәм оның оқ-дәрилериниң айланысын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў ҳәм әмелге асырыў функциялары Миллий гвардиядан ишки ислер уйымларына өткерилмекте.
Оқ атылмайтуғын қуралдан нызамсыз түрде пайдалыныў ямаса қуралдан пайдаланыў қағыйдасын бузғаны ушын жынайый ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершилик нәзерде тутылмақта.
Өзбекстан Республикасы пуқараларының пуқаралық аң аўлаў қуралын ҳәм оның оқ-дәрилерин алыў ҳуқықына ийе болыў цензи жасы жигирма бес жас етип белгиленбекте (әмелдеги нызамшылықта жигирма бир жас);
Буннан тысқары, пуқаралық қурал ҳәм оның оқ-дәрилери берилиўин қадаған етиў нәзерде тутылмақта.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң «Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў ҳаққындағы нызамшылық жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Бул нызам менен 1 кодекске ҳәм 5 нызамға өзгерислер киргизилмекте.
Атап айтқанда, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў уйымларына тийисли ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумыслар белгиленбекте.
Буннан тысқары, «Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы нызамда минерал төгинлердиң, өсимликлерди қорғаў ушын пайдаланылатуғын химиялық затлардың көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы бойынша лицензияның әмел етиў мүддети шекленген ҳалда берилиўи нәзерде тутылмақта.
Бул нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде карантин астындағы өнимлерди ислеп шығарыў, таярлаў, сақлаў, тасыў, қайта ислеў, реализациялаўда зыянкеслердиң алдын алыўға қаратылған илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўға, нызамда белгиленген талапларға әмел етпегени ушын жуўапкершилик белгилениўи принципи тәмийинлениўине ерисиледи.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң сенаторлар көп квартиралы жайларды басқарыў системасының жетилистирилип атырғаны мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды додалады.
Таллаўларға бола, кейинги бес жыл даўамында көп квартиралы турақ жай фондын сақлап турыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўында жәми 37 мыңнан аслам көп квартиралы жайлардан пайдаланыўдың техникалық қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етилиўин үйрениў нәтийжелери бойынша 61 мыңнан аслам жағдайда көшпес мүлк ийелери тәрепинен турақ жай фонды ҳәм оған тутас аймақларда өзбасымшалық пенен қурылмалар қурылғаны анықланған.
Бирақ нызамсыз қурылмаларды мәжбүрий тәртипте сапластырыўға байланыслы судларға арза бериўде алынатуғын мәмлекетлик бажы төлемин әмелге асырыў белгиленгени себепли бундай мазмундағы материалларды судларға бериўде бир қатар қыйыншылықларды келтирип шығарған.
Додалаўлар даўамында санаторлар тәрепинен әмелдеги нызамшылықта турақ жай мүлк ийелери ширкетлери көп квартиралы жайға тутас жер участкасын абаданластырыў бойынша және халыққа басқа да хызметлер көрсетилген ҳәм жумыслар исленген жағдайда, хызметлер көрсетиў ушын тийисли салық төлемлеринен азат етилген болып, басқарыў шөлкемлериниң жумысына бул жеңилликлердиң енгизилмей атырғаны ҳәр қыйлы келиспеўшиликлерди жүзеге келтиретуғыны атап өтилди.
Бул бослықларды сапластырыў мақсетинде ислеп шығылған бул нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске, Салық кодексине, «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Бул нызамның турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде коммуналлық хызмет көрсетиў тараўында, соның ишинде, көп квартиралы жайларды сақлаў ҳәм оннан пайдаланыўда нызамбузыўшылық жағдайларының алдын алыўға және қәўипсиз жасаўына шараят жаратып берилиўине ерисиледи.
Соның менен бирге, елатлы пунктлердиң архитектуралық келбетин жақсылаў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин жақсылыў имканияты жаратылады.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2022-жылдың биринши шерегинде орынланыў жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң есабаты тыңланды.
Усы жылдың биринши шерегинде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың әҳмийетли бағдарлары бойынша 59 нормативлик-ҳуқықый ҳәм басқа да ҳүжжетлер қабыл етилген.
Көрилген илажлардың нәтийжесинде экономикада бир қатар унамлы нәтийжелерге ерисилген. Соның ишинде, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда жалпы ишки өним 105,8 процентке өсиўи тәмийинленген. Саўда айланысының көлеми 59,1 триллион сумға жетип, өткен жылға салыстырғанда 110,8 процентти қураған. 2 миллиард 448 миллион долларлық сырт ел инвестициялары өзлестирилип, бул прогноз көрсеткиши 167 процентке орынланған. Республика экспорты (арнаўлы экспортсыз) 2,7 миллиард долларды қурап, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 15 процентке өскен.
Мәҳәлле институтының ролин күшейтиўге айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда, 695 мәҳәлле комплекси қурылған, 16 мәҳәллениң имараты реконструкцияланған, 55 и ири оңланған, 205 мәҳәлле имаратында қурылыс-оңлаў жумыслары даўам етпекте.
Сондай-ақ, мәҳәллелердиң тынышлығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 6 822 «Пидайы жаслар» жәмийетлик патруль топарының жумысы жолға қойылып, оларға 14 957 жас тартылған.
Социаллық қорғаўға мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар илажлар көрилген.
Соның ишинде, ашық электрон таңлаўларда 559 мың гектар жер майданлары 256 мың жеңимпазға ажыратып берилген. Соннан «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нде дизимде турған 81 мыңнан аслап шаңараққа 13,8 мың гектар, сырт елден қайтып келген 15 мыңнан аслам пуқараларға 2,5 мың гектар жер участкалары ажыратып берилген.
Турақ жайын оңлаўға мүтәж 2,1 мың майыплығы болған шахслар шаңарақларының 1,7 мыңының (80,1 проценти) турақ жайы оңлап берилген. Турақ жай емес жайларда жасап атырған 847 шаңарақтың 268ине (32 проценти) турақ жай ажыратылған және 456 сына (54 проценти) турақ жай ижара төлеми төлеп келинбекте.
Мәжилисте сенаторлар тәрепинен Бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен бирге айырым кемшиликлер де бар екени атап өтилди.
Атап айтқанда, Бағдарламаның бир қатар бәнтлериниң орынланыўы бойынша ислеп шығылған тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарларының қабыл етиў процеси кешикпекте. Бул болса экономиканы буннан былай да либералластырыў, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, медицинаны раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли тараўларда тийисли өзгерислерди әмелге асырыўға иркиниш жасамақта.
Сондай-ақ, Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын додалаўда сенаторлар халық тәрепинен көплеген наразылықларға себеп болып атырған мәселелерге айрықша итибар қаратты.
Додалаўлар жуўмағында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан соң сенаторлар тәрепинен «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың аймақларда әмелге асырылыўы бойынша рейтинг системасын енгизиў ҳаққында»ғы Сенат қарарының орынланыўы бойынша жаслар ислери агентлиги директорының мәлимлемеси тыңланды.
Рейтинг системасының мазмун-мәнисин түсиндириў мақсетинде 14 аймақта оқыў семинарлары шөлкемлестирилип, 700 ге шамалас жуўапкерлердиң қатнасы тәмийинленген.
Рейтингти баҳалаўға байланыслы мағлыўматлардың орайласқан электрон системасын енгизиў бойынша yoshlarportali.uz – Жаслар порталының платформасы енгизилген.
Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте аймақларды индикаторлар тийкарында рейтинг баҳалаў методикасы ислеп шығылған. Бул методикада аймақлардан индикаторларға муўапық алынған статистикалық мағлыўматлар арнаўлы ислеп шығылған формула арқалы инсан факторысыз есапланатуғыны белгиленген.
Министрлер Кабинети тәрепинен рейтинг баҳалаў тийкарында ең жоқары нәтийже көрсеткен үш аймақ басшысы және олардың жаслар мәселелерине жуўапкер болған орынбасарларын материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў тәртиби ислеп шығылған. Оған бола жеңимпаз болған аймақларда спорт түрлерине қәнигелескен заллар, бес әҳмийетли баслама бойынша дөгереклер, жасларға турмыслық хызмет көрсетиў объектьлеринен ибарат көп функциялы жаслар комплекслерин қурыў нәзерде тутылған.
Қарардың орынланыўы бойынша алып барылып атырған жумыслар Сенаттың Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң мәжилислеринде сенаторлар, экспертлер, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердеги секретариатлардың басшылары және Жаслар парламенти ағзаларының қатнасыўында додаланған.
Жаңа рейтинг системасының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети, оны әмелге асырыў механизми, бул бойынша жуўапкерлердиң ўазыйпалары және бул системадан күтилип атырған нәтийжелер ҳаққында кең жәмийетшиликке мағлыўматлар бериў мақсетинде брифинглер шөлкемлестирилген.
Жаслардың машқалаларын мәҳәлле кесиминде механизми тийкарында системалы сапластырыў бойынша «Жаслар балансы»н қәлиплестириў, «Жаслар дәптери»н жүргизиў ҳәм «Жаслар бағдарламасы»н әмелге асырыў бағдары белгилеп алынған.
Жаслардың машқалаларын шешиў, бул бойынша әмелге асырылып жумыслардың жағдайын баҳалап барыў бойынша «Жаслар дәптери» электрон платформасы иске қосылған.
Хатлаў нәтийжелерине бола республикамыз бойынша 8,4 миллионнан аслам жаслар ҳаққындағы мағлыўматлар тийкарында «Жаслар балансы» қәлиплестирилген.
Сондай-ақ, республикамыздағы 9 348 мәҳәлледе жаслар жетекшилери жумысы жолға қойылған.
Жаслар жетекшилериниң жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде нәтийжелиликтиң ең әҳмийетли көрсеткишлери (KPI) бойынша электрон баҳалаў механизми жолға қойылған. Әмелге асырылған жумыслар 5 басқышта мәҳәлле – сектор – район (қала) – ўәлаят – республика дәрежесинде тийисли тараўлар кесиминде рейтинг баҳалап барылмақта.
Додалаўлар даўамында Сенат қарарының орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслар менен бирге сапластырылыўы бойынша зәрүр болған айырым кемшиликлерге де итибар қаратылды.
Соның ишинде, Жаслар ислери агентлигиниң төменги структуралары тәрепинен индикаторлар тийкарындағы рейтинг баҳалаўға байланыслы мағлыўматларды улыўмаластырып және оларды халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине усыныў жумыслары қанаатландырарсыз.
Рейтинг системасына жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар және орынлардағы ҳәкимликлер арасындағы бирге ислесиў жетерли жолға қойылмағаны ақыбетинде өз-ара үйлеспейтуғын мағлыўматлар қәлиплесип, жасларға байланыслы анық ҳәм дурыс статистика жүргизилиўине унамсыз тәсир етпекте.
Сондай-ақ, аймақларда рейтинг системасы тийкарында район ҳәм қалалар арасынан жеңимпазларды анықлаў ҳәм хошаметлеў жумыслары жуўмағына жеткерилмеген.
Додалаўлар соңында көрсетилген машқалаларды сапластырыўға қаратылған Сенат қарары қабыл етилди.
Буннан кейин фермер хожалықлары жумысының кепилликлерин тәмийинлеў жағдайы бойынша Бас министрлиң орынбасары Ш.Ғаниевтиң мәлимлемеси тыңланды.
Жылдан-жылға фермер хожалықларының мәмлекет экономикасындағы орны өсип бармақта. Соның ишинде республикамыздағы мийнетке жарамлы халықтың 25 процент бөлеги усы тараўда бәнт. Фермерлер тәрепинен жетистирилип атырған 80 түрден аслам аўыл хожалығы өнимлери 66 мәмлекетке экспорт етилмекте.
Соның менен бирге, фермер хожалықлары жумысының ҳуқықый кепилликлерин тәмиийнлеўде, бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлердиң бар екенлиги айтып өтилди.
Соның ишинде, ҳәзирги күнде фермер хожалықлары ҳаққында анық мағлыўматларды қәлиплестириўде бирден-бир әмелияттың жоқ екенлиги, онға шамалас мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен статистикалық мағлыўматлар жүргизилип атырғанлығы себепли фермер хожалықларының саны, оларға ажыратылған жер майданлары ҳәм басқа да статистикалық мағлыўматлар арасында айырмашылықлар бар екенлиги атап өтилди.
Бул, өз гезегинде, фермер хожалықлары ҳаққында анық мағлыўматларды қәлиплестириў, олардың жумысындағы машқалаларды дурыс таллаў имканиятын бермей атыр.
Фермер хожалықлары менен қамсызландырыў шәртнамасын электрон тәртипте рәсмийлестириў имканияты жоқ, сондай-ақ, қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бергенде қапланыўы зәрүр болған қамсызландырыў пулын белгилеўде орташа өнимдарлық көрсеткишин қәлиплестириўдиң бирден-бир әмелияты ҳәм усылы ислеп шығылмаған.
Сондай-ақ, фермерлердиң кредит кепиллиги сыпатында жерге болған ҳуқықынан пайдаланыў механизмлериниң болмағаны ақыбетинде фермердиң инвестициялық белсендилиги төменлемекте.
Соның ушын жерге ийелик ҳуқықы менен байланыслы қатнасықларды және де жетилистириў ҳәм жер қатнасықларын ҳақыйқый базар қатнасықлары дәрежесине жеткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Додалаўлар нәтийжелери бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Соң сенаторлар Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң 2021-жылы ҳуқықый үгит-нәсиятлаў ҳәм ағартыўшылықтың жағдайы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлады.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықый үгит-нәсиятлаў тараўындағы жумысын баҳалаўда, қағазпазлықтың алдын алыў мақсетинде «htb.huquqiyportal.uz» иске қосылып, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң үгит-нәсиятлаў жумысын баҳалаў көрсеткишлери қайта көрип шығылып ҳәзирги дәўир талапларына бейимлестирилгенлиги атап өтилди.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң 14 мыңға шамалас хызметкери онлайн оқытылған. Халықтың кең қатламы ушын kurslar.huquqiyportal.uz порталы арқалы бир қатар бағдарларда (ҳаял-қызлар ҳуқықлары, мийнет ҳуқықы, неке ҳәм шаңарақлық қатнасықлар, исбилерменлик ҳәм бизнес жүргизиў, ипотека кредити) онлайн ҳуқықый курслар шөлкемлестирилген.
Әдиллик министрлиги тәрепинен өткерилген ҳуқықый үгит-нәсиятлаў илажлары мониторинги нәтийжелерине бола, Ишки ислер министрлиги (95,4 балл), Қорғаныў министрлиги (73,8 балл), Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (73,5 балл) үлгили деп табылған.
Соның менен бирге, ҳуқықый үгит-нәсиялаў ҳәм ағартыўшылықтың жағдайына байланыслы айырым машқалалар атап өтилди.
Соның ишинде, жол қурылысы жумысларының сапасын қадағалаў инспекциясы, Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги, Қамсызландырыў базарын раўажландырыў агентлигиниң жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыўда, бәринен бурын, мәмлекетлик хызметкерлердиң ҳуқықый билимлерин күшейтиў ҳәм олар халыққа өрнек болыўы кереклиги атап өтилди.
Сондай-ақ, додалаўлар процесинде келешекте әмелге асырылатуғын тийкарғы режелер де талланды.
Додалаўлар жуўмағында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Сенат жалпы мәжилисинде нызамлардың орынланыў жағдайы, ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи бойынша әмелге асырылған мониторинг нәтийжелери де додаланды.
Баянатта атап өтилгениндей, нызам дөретиўшилиги жумысының сапасын түп-тийкарынан арттырыў, әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеў мақсетинде – Сенат комитетлери тәрепинен 13 нызам мониторинги әмелге асырылды.
Таллаўлар айырым нызамлардың тиккелей ислеўиниң тәмийинленбегенлигин, көзабаға нормалар тийкарынан нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер менен тәртипке салынып келингенин, сондай-ақ, айырым нызамлардағы нормалар әмелиятта сәйкес келмеўшиликти келтирип шығарып атырғанлығын, өз гезегинде, нызамларды ҳәзирги күн талаплары тийкарында қайта көрип шығыў және жаңа редакцияда қабыл етиў зәрүр екенлигин көрсетти.
Атап айтқанда, нызамларда базалық терминлер ҳәм тийкарғы түсиниклер киргизилмегенлиги, арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым ҳәм оның ўәкилликлериниң белгиленбегенлиги, халықаралық бирге ислесиў бойынша нормалардың нәзерде тутылмағанлығы, айырым нормалардың бир-бирин қайталаўы, мәлимлеме системаларын кеңнен қолланыў арқалы коррупциялық факторларды алдын алыў бойынша нормалардың жоқ екенлиги көрсетип өтилди.
Соның менен бирге, Сенат комитетлери тәрепинен Олий Мажлис жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламент изертлеўлери институты және басқа да мәпдар уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте өткерилген мониторинглер нәтийжесинде нызамларды жетилистириў, әмелиятта ушырасып атырған машқалаларды сапластырыўға қаратылған бир қатар усыныслар ислеп шығылғанлығы атап өтилди.
Бул нызамларды жаңа редакцияда ислеп шығыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине жиберилиўин нәзерде тутатуғын Сенат қарары қабыл етилди.
Парламент ағзалары тәрепинен Балалар мәселелери бойынша миллий комиссияның жәрдемши баслығының өткен дәўир даўамындағы жумысы бойынша да мәлимлемеси тыңланды.
Ҳәммемизге белгили, Президенттиң 2021-жыл 9-августтағы «Бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен балалар мәселелери бойынша миллий комиссия және аймақлық комиссиялардың жумысы жолға қойылған.
Миллий комиссия ҳәм аймақлық комиссиялардың тийислисинше жумысшы уйымы сыпатында Министрлер Кабинетиниң Балаларды қорғаў мәселелери коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлеринде балаларды қорғаў мәселелериниң секретариатлары ҳәм район (қала) ҳәкимликлеринде балаларды қорғаў коллегияларының жумысы жолға қойылған. Тараў қәнигелериниң маманлығын арттырыў мақсетинде мәнзилли оқыў семинарлары шөлкемлестирилген.
«Меҳрийбанлық» үйлери, Балалар қалашасы ҳәм «SOS» балалар мәҳәллелери аўқамы қарамағындағы 1 392 жетим бала ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған бала өз шаңарағы ҳәм жақын туўысқанлары тәрбиясына өткерилгени нәтийжесинде 10 «Меҳрийбанлық» үйи, 4 балалар қалашасы ҳәм 2 балалар үйиниң жумысы сапластырылған.
Перзентликке алыў процесинде инсан факторын қысқартыў ҳәм санластырыў мақсетинде Халық билимлендириўи министрлиги тәрепинен mu.maktab.uz платформасы жаратылған.
Ҳүкиметтиң тийисли қарары менен жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған «Меҳир дәптери» системасын енгизиў тәртиби ҳаққындағы реже және «Меҳир дәптери»не киргизилген жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды қоллап-қуўатлаў қоры ҳаққындағы реже тастыйықланған. Бул қорға 18 миллиард сумнан артық қаржылар келип түскен.
Сенаторлар әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда шешилиўи зәрүр болған машқалалар да бар екенлигине итибар қаратты.
Соның ишинде, Миллий комиссия тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң, сондай-ақ, аймақлық комиссиялардың балалар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў тараўындағы жумысын муўапықластырыў ўазыйпасы талап дәржесинде орынланып атыр деп болмайды.
Шаңарақлық балалар үйлериниң жумысын жетилистириў мақсетинде балаларды қабыл еткен шаңарақларға және тутынған ата-аналарға берилетуғын төлемлер, жеңилликлер, компенсациялар системасын кеңейтиў, сондай-ақ, Республикалық балалар социаллық бейимлесиў орайының жумысын қайта көрип шығыў ҳәм жетилистириў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилмеген.
Район (қала)лық балаларды қорғаў коллегиялары қәнигелери «Меҳир дәптери» платформасынан пайдаланыў көнликпесине ийе емеслиги ақыбетинде «Меҳир дәптери» системасын турмысқа енгизиў жумыслары жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмеген. Перзентликке алыў процесинде инсан факторын қысқартыў мақсетинде шөлкемлестирилген mu.maktab.uz платформасында перзентликке алыўды қәлейтуғын кандидатуралардың электрон гезеги жолға қойылмаған.
Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды қәўендерликке алған шаңарақлар ушын минимал стандартлар ислеп шығылмаған. Раўажланған сырт ел тәжирийбелери тийкарында қәнигелестирилген кәсиплик потенциалы тутынған (фостер) шаңарақларды қурыў ҳәм балаларды оларға жайластырыў жумыслары жолға қойылмаған.
Аймақларда узақ ўақыт емлениўге мүтәж болған балаларға үйде жеке тәртипте билим бериў процесинде оқыў сабақларының турақлылығы ҳәм даўамлылығы тәмийинленбеген. Айырым мектеп директорлары ҳәм муғаллимлери жеке тәртипте сабақ өтиў бойынша нормативлик ҳүжжетлерден хабардар емес, баҳалаў (өзлестириў) табели жоқ ҳәм оқыўшылардың жыйнақланған томы қәлиплестирилмеген. Бул категориядағы оқыўшылардың жәмийетке бейимлесиўине жәрдемлесиў илажлары көрилмеген.
Додалаўлар жуўмағында сенаторлар тәрепинен санап өтилген машқалаларды сапластырыўға қаратылған илажлар билдирилген қарар қабыл етилип, орынланыўы қадағалаўға алынды.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма бесинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының Мәлимлеме хызмети