Коррупция сондай бир иллет ол бир тараўға емес, ал пүткил жәмийеттиң раўажланыўына тосқынлық етеди. Бул иллет ҳәр қандай жәмийеттиң сиясий ҳәм экономикалық раўажланыўына зыянын тийгизип, жәмийетте нызам үстинлигин күшсизлендиреди.

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигинде де коррупцияның алдын алыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў жолға қойылған болып, ҳәзирги күнде агентликтиң аппараты ҳәм оның қурамындағы мәкеме басшылары тәрепинен тараў хызметкерлери ҳәм жәмийетшилик арасында илажлар өткерилмекте.

Өткерилип атырған илажларда тараўда коррупцияға қарсы гүресиўдиң тийкарғы бағдарлары, тексериўлер өткериў ҳәм қурамындағы мәкемелердиң жумысларын үйрениў, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы үгит-нәсият илажлары әмелге асырылмақта. Бул илажларда агентликтиң ҳәр бир хызметкерине өз хызмет ўазыйпаларына жуўапкершилик пенен қараған ҳалда әдалатлы хызмет көрсетиўи, коррупцияға байланыслы нызамбузыўшылық ҳәрекетлери ушын жуўапкершиликтиң белгиленгенлиги, хызметкерлердиң әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи, пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплер менен мүнәсибетте (ҳадал) пәк, әдил ҳәм ғәрезсиз болыўы керек екенлиги кең түрде түсиндирилмекте.

– Бундай илажлардан тийкарғы мақсет – тараўда коррупцияға қарсы гүресиў сиясатын жолға қойыў, мәмлекетимиздиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын коррупция иллетине қарсы гүресиў болып есапланады,-дейди агентликтиң кадрлар бойынша бас қәнигеси М.Арзымбетова. – Агентликтиң 2022-жыл 31-январдағы Өзбекстан Республикасы өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги системасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм ҳуқықый тийкарларын беккемлеў ҳаққында»ғы арнаўлы буйрығына муўапық, өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң коррупцияға қарсы гүресиў сиясаты белгилеп берилген. Буннан мақсет – тараўда әдиллик сиясатын тәмийинлеў, яғный, хызметкерлер ҳәм улыўма жәмийетшилик арасында коррупцияға қарсы гүресиў мәдениятын арттырыў, хызмет ўазыйпаларын орынлаў ўақтында агентлик хызметкерлери тәрепинен коррупциялық ҳәрекетлер жүз бериўиниң алдын алыўдан ибарат.

Агентликтиң бос жумыс орынларына таңлаў тийкарында (Vacancy.argos.uz) порталы арқалы жумысқа қабыллаў системасы жолға қойылған. Агентликтиң бос жумыс орынлары ушын мүрәжат еткен ҳәм жумысқа қабылланып атырған пуқаралардан мәплер соқлығысыўының болмаслығын анықлаў мақсетинде арза толтырылады. Егер мәплер соқлығысыўы анықланған жағдайда тийисли уйымларға хабарнама жибериледи.

Еслетип өтемиз; Өсимликлер карантини тараўына байланыслы мүрәжатларды жоллаў ҳәм коррупция жағдайлары бойынша хабардар етиў бойынша агентликтиң исеним телефонлары (71-202-10-00),  ишки номер (2951) арқалы мәлим етип билдириў мүмкиншилиги бар.

                                                                                                                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги