Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ «Өзбекстанныӊ жаӊа раўажланыў дәўиринде тәлим-тәрбия ҳәм илим-билимлендириў тараўларын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 2020-жыл 6-ноябрдеги Пәрманы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2021-жыл 31-декабрьдеги 792-санлы қарары, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министриниӊ 2022-жыл 25-марттағы  «Улыўма билим бериў мәкемелериниӊ 9-11-класс оқыўшыларын кәсип-өнерге таярлаў илажлары ҳаққында»ғы 55-санлы буйрығында белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў ҳәм билимлендириў мәкемелериниӊ 9-11-класс оқыўшыларын кәсип-өнерге таярлаў өмирлик көнликпелерин қәлиплестириў ушын «Перзентлеримиздиӊ келешегине бийпәрўа болмайық» атамасындағы акция Нөкис районы мектеп оқыўшылары арасында болып өтти.

Онда районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ питкериўши класс оқыўшылары мектептиӊ әмелиятшы-психологи Гүлжамал Махамбеткеримованыӊ басшылығында Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып, бул оқыў дәргайыныӊ турмысы менен танысты.

-Өзим қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги бойынша муғаллим болыўға қызығаман,-дейди 11-класс оқыўшысы Гүлжайна Жамалатдинова.-Бизлер бүгин муғаллимлеримиз бенен университеттеги студент-жаслардыӊ турмысы ҳәм оқыў барысы менен жақыннан таныстық. Өзлеримизди қызықтырған мәселелер бойынша профессор-оқытыўшыларға сораўлар берип, оларға тийисли жуўаплар алдық. Буныӊ ушын университет жәмәәтине рахмет айтамыз ҳәм бул илаж бизлердиӊ келешекте кәсип таӊлаўымызда әҳмийетли орын тутты деп айта аламан.

 

Ҳақыйқатында да, «Перзентлеримиздиӊ турмысына бийпәрўа болмайық» акциясыныӊ шөлкемлестирилиўи республикамыз оқыўшыларыныӊ кәсип-өнер ийелеўине тийкарғы бағдарлардыӊ бири болып хызмет етти деп айтсақ болады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы