Соңғы жыллары елимиздеги халық хожалығының басқа тараўлары сыяқлы халық билимлендириўи тараўында да бир қатар өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Тараў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў системасында ушырасып атырған кемшиликлерди үйрениў, оларды сапластырыў бойынша илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығыў, системада жумыс алып барып атырған басқа билимлендириў мәкемелериниң хызметин муўапықластырыў арқалы халық билимлендириўи хызметкерлериниң үзликсиз кәсиплик раўажланыўын тәмийинлеўге айрықша дыққат қаратылып атыр.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 25-январьдағы «Халық билимлендириўи тараўындағы илимий-изертлеў жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм де үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4963-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жыл 17-январьда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Халық билимлендириўи хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 25-санлы қарары қабыл етилди.

Режеде атап өтилгениндей, халық билимлендириўи хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын шөлкемлестириў, олардағы кәсиплик шеберлик ҳәм маманлық дәрежесиниң турақлы өсиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў, заманагөй талапларға муўапық қайта таярлаў ҳәм турақлы түрде педагогикалық шеберлигин арттырып барыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў тийкарында хызметкерлерди жоқары дәрежедеги үзликсиз кәсиплик тәмийинлеўге бағдарланған.

Үзликсиз кәсиплик раўажландырыўдың мақсети – хызметкерлердиң ийелеп турған лаўазымлары, қәнигелиги ямаса сабақ беретуғын пәнлери бойынша кәсиплик ҳәм педагогикалық шеберлигиниң турақлы түрде өсип барыўын, олардың алдынғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологиялары, сондай-ақ, оқытыўдың интерактив усыллары бойынша кәсиплик билимлери, көнликпелери менен уқыплылықларының үзликсиз жаңаланып барылыўын тәмийинлеў, оларды мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, мәмлекетлик билимлендириў талаплары ҳәм тараўға тийисли нызамшылық пенен турақлы таныстырып барыўдан ибарат.

Хызметкерлердиң турақлы кәсиплик раўажланыўы ушын кең имканиятлар жарататуғын тәлим орталығын жаратыў; өз бетинше пикирлеў көнликпелерин сиңдириў ҳәм хызметкерлердиң қәбилетин раўажландырыў, жаңа билимлер бериў арқалы өз үстинде ҳәм өз бетинше ислеў, креатив пикирлеў көнликпелерин раўажландырыў, хызметкерлердиң индивидуал кәсиплик раўажланыў траекториясы тийкарында компетентлик дәрежесин арттырыў ҳәм кәсиплик шеберлигин жетилистириў, алдынғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологиялары менен ислесиў бойынша әмелий көнликпелерди қәлиплестириў, улыўма орта билим бериўдиң сапасын арттырыўдың тийкарғы дереги сыпатында хызметкерлердиң кәсиплик раўажланыўын, интакерлигин, илимий-изертлеўлерге умтылысын ҳәм дөретиўшилик шеберлигин хошаметлеў – үзликсиз кәсиплик раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпалары болып табылады.

Режеге муўапық, аймақлық орайлар тийисли аймақлардағы улыўма орта ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелери қәнигелери менен педагог хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўға қәнигелестирилген оқыў мәкемеси есапланып, бул бағдарда төмендеги тийкарғы жумысларды шөлкемлестиреди:

оқыў, илимий ҳәм шөлкемлестириўшилик-методикалық жумысларды әмелге асырады;

педагогика, психология, оқыў пәнлери ҳәм оларды оқытыў методикасының мәмлекетимиздеги ҳәм дүньядағы ең жаңа жетискенликлерин турақлы түрде үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўды, сондай-ақ, заманагөй информация ҳәм педагогикалық технологиялардың педагоглар тәрепинен терең өзлестирилиўин тәмийинлейди;

педагог ҳәм қәниге хызметкерлердиң өз кәсиплик маманлықларын жетилистириўге болған талапларын толық қанаатландырыў мақсетинде қайта таярлаў ҳәм қәнигелик арттырыўдың алдынғы формалары менен усылларын енгизеди;

аймақтағы билимлендириў мәкемелериниң педагог хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў бойынша буйыртпалар тийкарында гезектеги календарьлық жыл ушын тийисли илажлар (курслар, оқыўлар, семинарлар, конференциялар ҳәм т.б.) жобасын ислеп шығады;

педагог ҳәм қәниге хызметкерлерди биргеликте оқытыў ушын жоқары ҳәм улыўма орта билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў институтлары ҳәм орайлары менен шәртнамалар дүзеди;

оқыў жобасы ҳәм оқыў бағдарламалары тийкарында исши оқыў жобасын ҳәм исши оқыў бағдарламаларын ислеп шығады;

аймақтағы талаптан келип шыққан ҳалда өз алдына курсларды дүзиў ушын, белгиленген тәртипте тастыйықлатыў шәрти менен оқыў жобасы ҳәм оқыў бағдарламаларын ислеп шығады;

халық билимлендириўи хызметкерлерин кәсиплик раўажландырыў бойынша шөлкемлестирилген илажлар нәтийжелериниң электрон платформаға киргизилиўин тәмийинлейди;

аймақлық орайда жоқары оқыў орынлары ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде дүзилген топарлар ҳаққында ҳәр айлық есабатларды ислеп шығады.

Жоқарыда айтып өтилгениндей, бүгинги заман өзгерислер, жаңаланыўлар заманы. Өзбекстанда соңғы жылларда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар барлық тараўларда, соның ишинде, халық билимлендириў мәкемелеринде де тийисли өзгерислерди әмелге асырыўды, күнделикли жаңалықларды әмелиятқа киргизиўди талап етеди. Бундай өзгерислердиң бири – халық билимлендириўи хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў системасында болып атырған өзгерислер болып табылады. Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайында кейинги еки жылдың өзинде бир қатар өзгерислер әмелге асырылып атыр. Атап өтетуғын болсақ, бириншиден, педагог хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў принципи өзгерди, яғный, Өзбекстан Республикасы Президентиниң бир қатар пәрман ҳәм қарарлары нәтийжесинде билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған тийкарғы принцип – «өмир даўамында оқыў» принципи тийкарында үзликсиз кәсиплик раўажланыў системасы енгизилди. Соның ушын, алдынғы басшы хызметкерлер кеминде 3 жылда бир мәрте, педагог хызметкерлердиң кеминде 5 жылдан бир мәрте 144 саатқа мөлшерленген қәнигелик арттырыў курсларынан өтиў тәртиби бийкар етилди. Енгизилип атырған жаңа тәртип бойынша халық билимлендириў хызметкерлерин ҳәр жылы қәнигелик арттырыў курсларынан өткериў белгиленген болып, басшы хызметкерлер 30 саат,  педагог хызметкерлер 36 саат көлеминдеги үзликсиз кәсиплик раўажландырыў курсларынан өткериледи. Курслар бурын 24 жумыс күнине мөлшерленген болса, енди болса бир ҳәпте, яғный 6 жумыс күнине мөлшерленеди.

Екиншиден, педагог хызметкерлер ушын қолайлылық жаратыў мәселеси бойынша бираз өзгерислер әмелге асырылып атыр. Атап өтетуғын болсақ, А.Авлоний атындағы халық билимлендириў машқалаларын үйрениў ҳәм келешекти белгилеў илимий-изертлеў институты тәрепинен «Үзликсиз кәсиплик тәлим» электрон платформасы шөлкемлестирилди. Бул платформада Өзбекстан Республикасы бойынша барлық халық билимлендириў хызметкерлери тийисли қәнигелик арттырыўға тийисли билимлендириў мәкемесине бармастан жумыс орынларынан ажыралмаған ҳалда өз қәнигеликлерин арттырыў имканиятларына ийе болды. Себеби, оқыў формасы онлайн түрде әмелге асырылып, барлық сабақлар менен оқыў материаллары электрон формада бериледи. Оқыўдың бул формасында педагоглар жылдың қәлеген ўақтында, өзиниң лаўазымы яки қәнигелиги бойынша курслардан өтип қәнигелигин арттырыў имканиятларына ийе болады. Бул үлкен жеңиллик ҳәм жәрдем деп ойлаймыз.

Усы бағдарда Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайы тәрепинен де бир қатар жумыслар исленди. Атап айтқанда, аймақлық орай профессор-оқытыўшылары тәрепинен Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, Қарақалпақ тили (мәмлекетлик тил), Түркмен тили ҳәм әдебияты пәни бағдарлары бойынша оқыў контентлери таярланып, үзликсиз кәсиплик билимлендириў электрон платформасына жайластырылды. Атап өтилген пән муғаллимлери үзликсиз кәсиплик билимлендириў электрон платформасы арқалы өз қәнигелигин арттырыў, оқыў контентлеринде берилген темалар бойынша текст, слайд, видеосабақ, қадағалаў ушын тестлер ҳәм өз бетинше қосымша оқып алыўы ушын пайдаланылған әдебиятлардың электрон вариантларынан, қәлеген ўақтында, қәлеген муғдарында өзине керекли илимий-теориялық ҳәм методикалық жәрдемлерди алыў мүмкиншилигине ийе болды.

Жоқарыда атап өтилген қарарда аймақлық орайлардың тәбийғый пәнлерин заманагөй STEAM лабораторияларын шөлкемлестириў ҳәм үскенелеў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди. Бул ўазыйпаны  орынлаў мақсетинде аймақлық орайымызда А.Авлоний атындағы илимий-изертлеў институты басламасы менен тәбийғый пәнлерди оқытыўда заманагөй «STEAM» лабораториясына 101 731 600 сумға видеоконтентлерди сүўретке алыў ушын видеостудия үскенелери алып келинди. Ҳәзирги ўақытта  STEAM  лабораториясында физика, химия, биология, технология ҳәм баслаўыш класс курсларына сабақ өтпекте.

Сондай-ақ, усы күнге шекем  видеостудияда «Үзликсиз кәсиплик раўажландырыў» платформасы ушын қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, мәмлекетлик(қарақалпақ) тил ҳәм түркмен тили бойынша 108 видеосабақлар таярланды ҳәм платформаға жайластырылды. Ҳәзирги ўақытта химия, биология ҳәм физика пәнлери бойынша STEAM технологиясына тийкарланған лаборатория жумысларын сүўретке алыў процеси даўам етпекте.

Аймақлық орайымызда усы жылы 28000 педагог хызметкерлер өз қәнигелигин арттырыўы жобаластырылған болып, бул тыңлаўшыларға орайымыздан 50 ден аслам профессор-оқытыўшыларымыз, солардан, 1 илим докторы, 11 доцент ҳәм илим кандидатлары заман талабына сай билим берип келмекте.

Сондай-ақ, аймақлық орайымызда илимий потенциалды және де күшейтиў, билимлендириўдиӊ сапасын арттырыў мақсетинде илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланыў дурыс жолға қойылған. Атап айтқанда,10 профессор-оқытыўшымыз еркин излениўшилик тийкарында илимий жумыс пенен шуғылланып, солардан биреўи докторлық (DSc) диссертациясы, 9 профессор-оқытыўшымыз философия илимлери докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын илимий-изертлеў жумысларын алып бармақта.

2022-жыл январьдан баслап 2 профессор-оқытыўшымыз Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына мақсетли қабыллаў тийкарында таяныш докторантураға қабыл етилди.

Аймақлық орайымызда жумыс ислеўши ҳәр бир профессор-оқытыўшы тәрепинен өз қәнигелик бағдарлары бойынша пән муғәллимлери ушын оқыў қолланба, методикалық қолланба, усыныслар, сабақлықлар топламлары таярланады ҳәм бул материаллар тыңлаўшылардың пайдаланыўы ушын китапханамызға қойылған. Сондай-ақ, ҳәр бир профессор-оқытыўшы өзлериниң социаллық тармақлардағы каналларына ийе ҳәм бул каналлар арқалы да турақлы түрде мектеп муғаллимлерине тийисли методикалық жәрдемлер берип барылмақта. Бундай өзгерислер халық билимлендириўи тараўында сапа ҳәм нәтийжеликке ерисиўде жәрдем берери сөзсиз.

 

Бекмурза ДИЛАНОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың

Қәнигелигин арттырыў аймақлық орайы директоры.

Қарақалпақстан хабар агентлиги