Көргизбе усылларынан пайдаланыўдың тийкарғы ўазыйпасы-мектепке шекемги жастағы балалардың билиў ҳәрекетлерин жетилистириў болып есапланады. Бул усыл қоршаған орталықты тиккелей қабыл етип алыў тийкарындағы билим бериўди нәзерде тутады. Көргизбелилик усылына әмел етиў тәбиятты үйрениўдиң дәслепки басқышларында, айрықша әҳмийетли. Себеби киши жастағы балалар көргенлери арқалы қәлиплескен жеке тәсирлери тийкарында дурыс түсиник ҳәм жуўмақлар пайда болыўына жәрдем беретуғын толық баҳалы билимлер алыўы керек. Тәбият тилсимлерин үйретиўдеги көргизбели сабақлар процесинде тек тәбийғый затлар пайдаланылатуғын ямаса тәжирийбе көринисиндеги ҳәдийселерди еслететуғын пәнли көргизбеге ҳәм тәбият көринислери ямаса ҳәдийселериниң кесте, доскадағы сүўрет, модель, муляж, диапозитив, кинофильм, карта, схема ҳәм басқалардан пайдаланылатуғын сүўретлеў көргизбесине ажыратыў мақсетке муўапық болып есапланады. Бул усыллар балалардың раўажланыўының дәслепки басқышларында, ой-өрисиниң, логикалық пикирлеўиниң, бақлаўшылығының жетилисиўине жәрдем береди, үйренилип атырған мәселелерге қызығыўшылығын арттырады.

Жақында бақшамыз топарларында «Жер шары улыўма үйимиз» темасында космос сырларын үйрениўге бағышланған ашық шынығыў-сабағы өткерилди. Онда тәрбияланыўшыларымыз өзлериниң ой-өрисин, логикалық пикирлеўин кеңейтиў, қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаў, жер планетасындағы тиришилик, космос кеңлиги ҳаққында түсиниклерге ийе болды. Сондай-ақ, жер планетасындағы ҳәр қыйлы реңлер, олардың атамаларын дурыс айтыўды үйренди.

Балалардың билимлерди тез қабыл етиўине жәрдем беретуғын ҳәм билимлерин беккемлейтуғын бундай илажларды өткерип барыў өзиниң жақсы нәтийжесин береди, деп ойлаймыз.

Матлуба Утепова,

Қоңырат районындағы 1-санлы мектепке шекемги

 билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги