БМШ Бас Ассамблеясының «Раўажланыў мақсетлериндеги илим, техника ҳәм инновациялар» ҳаққындағы резолюциясында гендер теңликти тәмийинлеў мәселеси көтерилген болып, пүткил дүнья жүзинде ҳаял-қызлардың илим, техника ҳәм инновациялық жетискенликлерден тең ҳәм толық пайдаланыўына имканиятлар жаратыў атап өтилген.

БМШ қарары бойынша, 2016-жылдан баслап ҳәр жылы 23-апрель – «Халықаралық мәлимлеме технологиялар тараўындағы қызлар күни» сыпатында белгиленеди. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, ҳаял-қызлардың илимдеги потенциалына итибар қаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў болып есапланады.

Кейинги жылларда 15 жыл ишинде дүнья жәмийетшилиги ҳаял-қызларды илимге тартыўда сезилерли жетискенликлерге еристи.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде мәлимлеме технологиялары тараўындағы қызлардың үлеси аз муғдарды қурап, көбирек ҳаял-қызларды технология дүньясына алып кириў ушын кең имканиятлар жаратыў әҳмийетли.

Сенаттың Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм басқа да бир қатар уйымлар менен биргеликте «Инновациялық раўажланыўда ҳаял-қызлардың орны ҳәм роли» атамасында өткерилген дөгерек сәўбетинде усы мәселелердиң әмелге асырылыў жағдайына тоқтап өтилди.

Илажда шығып сөйлегенлер ҳаял-қызларды заманагөй мәлимлеме технологиялары тараўына кеңнен тартыў, билимлерин арттырыў бағдарындағы ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтти.

Соның менен бирге, мәлимлеме технологиялары тараўында нәтийжели жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлардың презентациялары да өткерилди ҳәм белсене қатнасқан ҳаял-қызларға алғыс хаты тапсырылды.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы