Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында Парламент мәлимлеме орайы менен Олий Мажлис жанындағы Мәлимлеме тараўы ҳәм ғалаба коммуникацияларды раўажландырыў мәселелери бойынша жәмийетшилик кеңеси арасында өз-ара бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылды.

Бул меморандумға бола, Нызамшылық палатасында қызғын додаланып атырған нызам жойбарлары, депутатлық сораўлар, парламентлик қадағалаў механизмлери ҳаққында халықшыл, әпиўайы усыл ҳәм тиллерде жеткериўге жәрдемелеседи.

Ашық мәлимлеме мәканын жаратыўға қаратылған ҳәрекетлерди бирлестиретуғын заманагөй, демократиялық ҳәм ашық-айдын майдан сыпатында парламент ҳәм ҒХҚ, пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллериниң нәтийжели қарым-қатнасы тәмиийинленеди. Парламент жумысына байланыслы тийкарланған усыныслар таярлаў, депутатлардың жәмийетшилик пенен өз-ара байланысларын заманагөй медиа технологияларды қолланған ҳалда жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм социаллық тармақларда белсендилигин тәмийинлеўге үлес қосыў бойынша еки тәреплеме пайдалы өз-ара бирге ислесиў әмелге асырылады.

– Депутатлар корпусының жумыс барысы, Нызамшылық палатасының мәжилислери ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда заманагөй усылларда жарытылып киятырғаны, депутатлардың алдыңғы медиа майданларынан үнемли пайдаланыўы арқалы «халық үйи»не айланыўында әҳмийетли фактор болмақта,-деди Нызамшылық палатасы Спикериниң санлы раўажланыў ҳәм мәлимлеме сиясаты мәселелери бойынша орынбасары, Парламент мәлимлеме орайының басшысы Одил Тожиев. – Ашық-айдынлық сиясаты нәтийжесинде мәлимлемелердиң түри ҳәм сапасы артып атыр. Бул мәлимлемелер кең жәмийетшилик пенен бир қатарда нызам шығарыўшы ҳәкимият ўәкиллерин де бийпәрўа қалдырмай атыр, оларды өзине тән жуўмақлар шығарыўға шақырмақта.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде депутатлар да заман менен бирге ашық-айдынлық ҳәм еркинлик принциплерине садық қалып, мәлимлеме майданында өзине тән орынды беккем ийелеўге умтылмақта. Елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, өзгерислерге әдил баҳа берип, халықты ойландырып атырған ҳәр қандай мәселелер ҳәм олардың шешими бойынша өзиниң позиция, усынысын исенимли түрде көтерип шығып, мүнәсибетин билдирип келмекте.

Бул бағдардағы жумысларды ҳәзирги жедел реформаларға үнлес тәризде және де жеделлестириў, парламенттиң мәлимлеме сиясатын дәўир талаплары тийкарында жетилистирип барыў зәрүр.

Илажда меморандумда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша «Жол картасы»н ислеп шығыўға келисип алынды.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы