Елимиздиң ең үлкен байлығы – түрли миллет ҳәм халықлар, диний конфессиялар ўәкиллери арасындағы тынышлық, татыўлық, турақлылық, өз ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршиликте болып табылады. Мәмлекетимизде көплеген диний шөлкемлер искерлик көрсетип атырғаны, олардың азат ҳәм абат өмир кеширип атырғаны халқымыздың кеңпейиллигинен дәрек береди.

Елимизде усы жылдың, 19-26-апрель күнлери аралығында  Нөкис районында да “Кеңпейиллик ҳәптелиги” кеӊ түрде белгиленип өтилмекте.

Нөкис районындағы «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де усы ҳәптелик шеӊберинде “Миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик – жәмийет турақлылығы гиреўи” сүрени астында илаж өткерилди.

Илажда  Руўхыйлық-ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиӊ баслығы Н.Тоимбетов, Дин ислери бойынша комитетитиниң районлық бас қәнигеси Д.Таўекелов, «Имам ийшан» жәмәәтлик мешити имам-хатиби А.Салимов ҳәм мектеп директоры О.Шерназаровлар шығып сөйлеп, өткерилип атырған бул илажлар,  жас әўладты түрли миллет ҳәм халық ўәкиллериниң тили, мәденияты, үрп-әдетлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўға, мәмлекетимиздиӊ раўажланыўына өз үлесин қосыўға, жәмийетте қөп миллетли үлкен шаңарақ туйғысын, миллетлераралық татыўлық, диний кеңпейилликти және де беккемлеўге хызмет ететуғынлығын атап өтти.

Илажда мектеп оқыўшылары белсене қатнасып, түрли миллет ҳәм халық ўәкиллериниң миллий кийим-кеншек ҳәм китаплар көргизбелери, “Тынышлықтың қәдирине жетейик” атамасында шығармалар таңлаўы, “Мениң кеңпейил дүньям” атамасында “Ең жақсы сүўрет салыў” таңлаўлары шөлкемлестирилип, оқыўшы жаслар тәрепинен “Сергеклик-дәўир талабы” атамасында интермедия ҳәм миллий аяқ ойынлары, түрли миллетлердиӊ салт-дәстүрлери сәўлеленген сахналық көринислер қойып берилди.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы