1-майдан баслап жаңа айдаўшылар ямаса тәжирийбесиз айдаўшылардың автомобильлери арнаўлы белги менен белгиленеди. Бул Өзбекстанның жаңаланған жол ҳәрекети қағыйдаларында нәзерде тутылған.

ЖҲҚдағы өзгерислерге бола, айдаўшылық стажы еки жылдан аз болған ямаса айдаўды енди баслаған, тәжирийбеси жетерли болмаған айдаўшылар басқарып атырған транспорт қуралының арқасында ишине қара реңли бийиклиги 110 мм болған үндеў белгисиниң көриниси түсирилген (150 мм тәрепи) болыўы керек. Трактор, өзи жүретуғын транспорт ҳәм мотоцикльлер буған кирмейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги