Өзбекистан бойынша тек 5 студент ылайық көрилген Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы стипендияның ийеси, бир қанша халықаралық ҳәм жергиликли илимий конференциялардың топламларында жарық көрген 13 тен аслам илимий тезислердиң авторы, Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының Телекоммуникация технологиялары бағдары студенти Улбосын Сапарова киши күшлениўди талап ететуғын қурылмалар ушын қуўатландырыўшы үскене (блок питания) ойлап тапты.

Бул үскене электр тоги дәрегинен келип турған 220 вольтлық күшлениўди 0 вольттан 12 вольтқа шекемги өзгермес күшлениўге айландырып береди. Шет еллерден алып келинген әмелий технологиялық лабораториялар киши күшлениўди талап ететуғын болса, усы қурылмадан пайдаланса болады. Ол биргелесип бир функцияны атқаратуғын трансформатор, өзгериўшең резистор, диод, плата, конденсатор, өзгериўшең қарсылық, ТТ-905 маркалы транзисторлардан қуралады.

Әпиўайыластырып айтқанда, қурылма қол телефонларының батареясын қуўатландырып бериўши «тасбақа» деп аталатуғын үскенеге уқсап кетеди, бирақ Улбосын жаратқан қурылмада қуўатланыў дәрежесин қол менен белгилеп те ала бериўге болады ҳәм бул үскене менен саат ямаса пульт ушын арналған батареяларды да қуўатландырыў мүмкин. Себеби, бундай киши батареялар киши күшлениўге (1 ярым – 2 вольт кўшлениўге) қуўатланады. Қурылманың және бир жетискенлиги ол арқалы берилген күшлениў өзгермес, яғный ток биресе күшейип, бирде азайып турған болса да, күшлениў белгилеп алынған дәрежеден өзгермейди.

– Кишкентайымнан көп нәрселерди бузып, қайта жыйнаўға, ишинде не бар екенин билиўге қызыққанман. Әсиресе, шаш кептиретуғын фенниң моторынан пайдаланып, вертолётке уқсаған бир нәрселерди қурастырып ислегенмен, – дейди У.Сапарова. – Мениң усындай инженерликке болған қызығыўшылығым Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалына оқыўға жетеледи. Изленислерди даўам еттиремен. Ойлап қойған режелерим көп. Ойлап тапқан жаңалықларым адамлардың ийгилигине жараса – сол маған үлкен бахыт.

 

М.ПИРНАЗАРОВА.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы