Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўды көбейтиў арқалы базарларда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша шараятлар жаратыўға байланыслы видеоселектор мәжилиси даўам етип атыр.

Мәмлекетимиз басшысы суў жетиспеўшилигиниң ақыбетлерин жумсартыў бойынша бир ҳәпте мүддетте айрықша бағдарлама қабыл етилетуғынын мәлим етти.

Суў хожалығы министрлигине ўәлаят ҳәкимлери менен бирге 1-октябрьге шекем:

– 4,5 мың километр суўғарыў тармақларын тазалаў ҳәм 231 километрин бетонлаў;

– 3 мың гидротехникалық имаратты оңлаў;

– 3,5 мың насос орнатыў, 490 километр насос қубырларын оңлаў ҳәм 281 қудық қазыўды тәмийинлеў тапсырылды.

Бул мақсетлер ушын 300 миллиард сум қаржы басқышпа-басқыш ажыратылады.

Өткен жылы декабрь айында 2022-жыл ушын коммерциялық банклерге 2 триллион сум жеңиллетилген кредит ресурслары берилген еди. Бирақ ҳәзирги күнге шекем коммерциялық банклерге киргизилген 790 миллиард сумлық талапнамадан тек ғана 53 проценти, айырым аймақларда болса 25-30 проценти қаржыландырылған,-деди Президент.

Соның ушын өним жетистириўди қаржыландырыў бойынша қосымша жаңа система енгизиледи.

Онда қаржылар Аўыл хожалығы қорынан жыллық 10 процент ставкада Бағшылық агентлигине бир жылға бериледи.

ӨзА