Түрли мәмлекет илимпазлары қысқа ўақыт ишинде тропикалық зонадағы қалаларда 100 мыңнан аслам адам ҳаўаның патасланыўынан қайтыс болғанын анықлады.

Қәнигелер Африка, Азия ҳәм Жақын Шығыстағы 46 мегаполисте ҳаўаның сапасын үйренип шықты. Атап өтилиўинше, олар ҳаўаның сапасын үйрениў процесинде 2005-жылдан 2018-жылға шекем NASA жасалма жолдас ҳәм Европа космослық агентлиги қурылмаларында болған мағлыўматлардан пайдаланған.

«Science Advances» тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, изертлеўде дерлик он жыл ишинде азот диоксиди 14 процентке, майда бөлекшелер 8 процентке, аммиак 12 процентке ҳәм ушыўшы органикалық бирикпелер 11 процентке артқаны белгили болған. Буның нәтийжесинде Дакка ҳәм Бангладеште 24 мың, Ҳиндстанның Мумбай, Бангалор, Калькутта, Хайдарабад, Ченнай, Сурат, Пуна ҳәм Ахмедабадта  100 мың адам ерте қайтыс болған. Изертлеўшилер ҳаўаның патасланыўын шығындыларды жағыў ҳәм көмир жанылғысын кеңнен қолланыўға байланыстырған.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) 2021-жыл сентябрь айында усы майда бөлеклер ушын ҳаўаның сапасы бойынша көрсетпени ҳәр кубометр ҳаўа ушын 5 микрограммға шекем төменлетти.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 118 мәмлекеттиң 6 мың 475 қаласындағы ҳаўаның патасланыў мониторингиниң нәтийжелери бойынша, дүнья жүзиндеги ҳаўа ең патасланған 25 мәмлекеттиң 97 проценти ЖДСШниң саламат ҳаўа бойынша жаңа РМ 2,5 инструкциясына сәйкес келмейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги