АҚШлы изертлеўшилер үш минутлық фокусланған ультрасес арқалы қанттағы глюкоза муғдарын күн даўамында нормада услап турыў мүмкин екенин анықлады.

Хош, фокусланған ультрасес дегени не өзи?

Қәнигелердиң изертлеўине бола, ол көбирек нейрохирургияда инвазив болмаған араласыўлар ушын қолланылады. Бул техника жәрдеминде бир ноқатта бир неше ультрасес толқынларының энергиясы жәмленип, керекли клеткаларға бағдарланады.

Калифорния университети ҳәм Файнштейн медициналық изертлеўлер институтының қәнигелери бул жаңалықты диабетке шатылған жәныўарларда сынап көрди.

Буның ушын фокусланған ультрасес стимуляциясы бүйректеги айырым нерв топарларына бағдарланды. Нәтийжеде организмде инсулин ҳәм глюкоза дәрежеси нәтийжели тәризде төменлениўи бақланды.

Жойбар үстинде жумыс алып барып атырған эндокринолог илимпаз Раймунд Херцогтың атап өтиўинше, ҳәзир инсулинди азайтатуғын дәри-дәрмақлар оғада аз. Клиникалық сынақлар толық табыслы жуўмақланғаннан кейин, бул бағдарда жаңа имканиятлар жүзеге келеди.

Ҳәзирги ўақытта қантлы диабеттиң 2-түри менен кеселленген наўқаслар топарында сынақлар өткерилмекте. Соның нәтийжелери бойынша, кейин ала диабетке шатылған ҳәр қандай наўқас ушын мөлшерленген ультрасес қурылмаларын ғалаба түрде режелестирмекте.

Еслетип өтемиз, бурын Европа илимпазлары тәрепинен ҳәзирги бул емлеў усылы еслеў қәбилетиниң төменлеўине байланыслы кеселликлер, атап айтқанда, Паркинсонды емлеўде колайлы болыўы анықланған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги