Пайтахтымызда «Өзбекстанның раўажланыўында парламенттеги ҳаял-қызлардың роли» атамасындағы екинши форум болып өтти.

Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссия, Сенаттың Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети және ЕҚБШ менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға сенаторлар ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Жаслар парламентиниң ағзалары, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң жуўапкер басшылары, халықаралық шөлкем және ҒХҚның ўәкиллери қатнасты.

Форумда ҳаял-қызлардың сиясий майдандағы орнын беккемлеў, ўәкиллик ҳәкимияты уйымларының парламент пенен конструктивлик байланысларын кеңейтиў, мәмлекетимиздиң раўажланыўында парламенттеги ҳаял-қызлардың орнын күшейтиў ҳәм гендер теңлик мәселелери додаланды.

Форумда Сенаттың Баслығы Танзила Норбоева шығып сөйлеп, кейинги жылларда елимизде ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын теңдей ҳуқық және имканиятлар жаратыў, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик ислерди басқарыўда олардың толық қатнасыўын тәмийинлеў, оларды социаллық-экономикалық және ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Бүгинги күнде ҳаял-қызларға итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан бирине айланды. Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орны ҳәм қатнасы кеңейип бармақта. Бул тараўда халықаралық ҳуқық нормаларына ҳәм стандартларына муўапық 2 нызам, 40 қа жақын нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер қабыл етилген. Жедел реформалар дәўири парламент ағзаларынан тек ғана реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеў емес, бәлким халық ўәкиллериниң барлық тараўлардағы өзгерислер, жаңаланыўларға белсене қатнасыўын, халық мәплерине хызмет ететуғын нызам шығарыўды түп-тийкарынан күшейтиўди талап етпекте.

Сондай-ақ, атқарыў ҳәкимияты үстинен орнатылған парламентлик қадағалаўды жанландырыўды, халықты қыйнап киятырған машқалаларды терең талқылаў ҳәм сапластырыў бағдарындағы жумысларды жеделлестириўди және халықаралық бағдардағы жумыстың нәтийжелилигин арттырыўды талап етеди.  Бул бағдарда парламенттеги ҳаял-қызлардың билими, тәжирийбеси, қәнигелиги үзиликсиз рәўиште артып барыўы лазым. Депутат ҳаял-қызлар өз әмелий жумысында қайсы тәреплерге көбирек итибар қаратыўы, берилген ўәкилликли имканиятлардан толық пайдаланған ҳалда сайлаўшылардың исенимин ақлаў ушын қандай ҳәрекет етиўи кереклиги сыяқлы мәселелерге шешим табыў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Ҳәзирги ўақытта елимиздиң раўажланыўы жолында бирге ислесиў ҳәм бир жағадан бас шығарып татыўлықта ислеў ушын ҳаял-қызлар парламенти платформасы арқалы ҳаял-қызлардың сиясий майдандағы орнын беккемлеў ҳәм усы платформа арқалы ўәкиллик ҳәкимияты уйымлары парламент пенен конструктивлик байланысларды беккемлеўи зәрүр.

Форумда атап өтилгениндей, бүгинги күнде парламентте ҳаял-қызлар саны БМШ тәрепинен белгиленген усынысларға сай дәрежеде болып, 32 процентти қурамақта. Ҳаял-қызлардың басқарыў лаўазымындағы үлеси 27 процентке, исбилерменлик тараўында 25 процентке, сиясий партияларда 44 процентке, жоқары билимлендириўде 46 процентке жетти.

Атап өтилгениндей, кейинги он жыллықта «гендер өзгешеликлерин есапқа алатуғын парламентлер» түсиниги гендер теңликти үгит-нәсиятлаўдың әҳмийетли инструментине айланды. Миллий парламентимизмде ҳаял-қызлардың үлеси 32 процентти қурағанының кең жәмийетшиликте тән алынып атырғаны қуўанышлы жағдай. Парламентлераралық аўқамның 2021-жылғы «Сиясаттағы ҳаял-қызлар» халықаралық рейтингинде Өзбекстан сырт ел мәмлекетлери арасында 45-орынды ийелеп, топ-50 ликтен орын алған.

Әнжуманда Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бойынша белгилеп берилген ўазыйпаларды әмелге асырыў ҳәм шөлкемлестириўде ҳаял сенатор ҳәм депутатлардың қатнасыўын кеңейтиў, тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды алып барыў, бул процесске мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының ўәкиллерин кеңнен тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Атап айтқанда, 2022-2026-жылларда елимиздиң экономикалық, сиясий ҳәм социаллық турмысының барлық тараўларында ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыўға қаратылған Миллий бағдарлама ҳәм  2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясының орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў үлкен әҳмийетке ийе екени қатнасыўшылар тәрепинен айрықша атап өтилди.

Форумда ҳаял-қызлардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы қатнасын жеделлестириў, олардың мәмлекетлик басқарыў уйымларында қарарлар қабыл етиў дәрежесинде жумыс ислеўине байланыслы пикир-усыныслары билдирилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы