Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң басламасы менен өткерилип атырған «Ден саўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў системасы хызметкерлериниң ҳуқықларын қорғаў» ҳуқықый акциясы шеңберинде министрлик тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы аймақлық перинатал орайының хызметкери А.Ю.диң мүрәжаты үйренип шығылды.

-Үйрениў барысында, хызметкер А.Ю. 2014-жылы күндизги акушерка лаўазымына жумысқа қабыл етилген болыўына қарамастан, орайдың усы жылдың 21-февраль күнги нызамсыз буйрығы менен оның келисими алынбастан мийнет шәртнамасына өзгерис киргизилип, түнги нәўбетшиликке мәжбүрий тәртипте қойылған,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлиминиң баслығы Есенкелди Утепов.-Анықланған жағдай бойынша министрлик тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы аймақлық перинатал орайына усыныс киргизилди. Усынысқа тийкарланып орайдың нызамсыз буйрығы бийкар етилип, хызметкер А.Ю. өз жумыс орнына қайтарылды.

Нызам бузыўшылыққа жол қойған кадрлар бөлиминиң хызметкерине интизамый жаза шарасы қолланылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы