Пуқаралардың үй қапталы қыйтақ жерлеринен пайдаланыў барысы менен жақыннан танысыў мақсетинде Өзбекстан фермер, дийқан ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң баслығы Актам Хайтов басшылығындағы жумысшы топар Төрткүл районындағы  «Өзбекстан» аўыл пуқаралар жыйынында болды.

Бүгинги күни қыйтақ жер тек шаңарақ ағзаларының мүтәжликлерин қанаатландырып ғана қалмастан, қосымша дәрамат дәрегине айланбақта. Сонлықтан оннан нәтийжели пайдаланған шаңарақтың дәстурхана толы, турмысы абадан болады.

Президентимиз тәрепинен жәрияланған «Жасыл мәкан» улыўма миллий бағдарламасы тийкарында республикамызда да нәл егиў, бағ жаратыў жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.  «Өзбекстан» райондағы ең ири аўыл пуқаралар жыйыны болып, бул жерде 3504 шаңарақ тийкарынан палыз жетистириў менен шуғылланады. Ең итибарлысы, аймақ турғынларының шаңарақларында жетистирилген өнимлер ишки базардан тысқары, Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятларына жеткерип берилип, соның менен бирге, Қазақстан мәмлекетине экспорт етилмекте.

Жумысшы топар ағзалары усы аймақта жасаўшы Орынбай Раджаповтың шаңарағында болып, бул жердеги ықшам ыссыханада жетистирилип атырған помидор, қыяр, болгар бурышы нәллерин өсириў барысы менен танысты. Қәнигелер дәраматты арттырыў, жумысты кеңейтиў бойынша өзлериниң мәсләҳәтлерин берди.

Буның ушын зәрүр болған «Биогомус» ислеп шығарыўшы райондағы «Төрткүлли Хасан-Хусан» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жумысларын раўажландырыў мақсетинде Өзбекстан фермер, дийқан ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси фонды тәрепинен 300 миллион сум муғдарында жеңилликли кредит ажыратылатуғынлығы атап өтилди.

Үйрениў даўамында жумысшы топар Насиба Матякубованың шаңарағында болып, үй қапталы қыйтақ жерлеринен пайдаланыў барысы менен танысты. Бул шаңарақ жәрдемге мүтәж екенлиги анықланып, жерлерди шүдигарлаў жумыслары алып барылды. Шаңараққа мийўели терек ҳәм овощ нәллери алып келинип, егип берилди.

Жумысшы топар сондай-ақ, Елликқала районындағы «Таза бағ» аўыл пуқаралар жыйынында болып, «EL AGRO TAMORQA CLUSTER» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумыслары менен танысты.  Усы аймақтағы Усмон Искандеровтың үй қапталы қыйтақ жерине картошка, мийўели терек  ҳәм жүзим нәллери егип берилди. «Пахташы» мәкан пуқаралар жыйынындағы үлгили шаңарақлардан бири Садулла Рузимбетовтың 22 сотых қыйтақ жериндеги 10 сотых жерге ыссыхана қурылған. Ыссыханада лимон, овощ ҳәм көк шөплер жетилистирилип, интенсив усылда балықшылық жолға қойылған. Шаңарақ ийесиниң атап өткениндей, қыйтақ жерден бир жыллық дәрамады орташа 300 миллион сумды қурайды.

Аймақтағы Анвар Розимбетовтың 30 сотых қыйтақ жериндеги 15 сотых жерге ыссыхана қурылған. Усы жерде ҳәр қыйлы овощ нәллерин егиў бойынша күргизбели семинар өткерилди. Илажда Президентимиздиң басламасы менен елимизде әмелге асырылып атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий бағдарламасының әҳмийети, халықты азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеўде үй қапталы қыйтақ жерлерден пайдаланыўдың абзаллықлары, «Томорқа хизмати» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң халық пенен еле де тығыз бирге ислесиўин раўажландырыў бойынша усыныслар берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы