θзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 19-январь күнги «Мәҳеллелерде жаслар менен ислесиў системасын туп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў ҳәм ишки туризмди раўажландырыў мақсетинде,  9-апрель күни Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы директоры,  тарийх илимлериниӊ кандидати,  доцент Б.Мамбетовтыӊ басшылығында  филиалдыӊ профессор-оқытыўшылары,  техник хызметкерлери ҳәм студент-жаслары  «Саламатлық ушын 5000 қәдем жүриў» марафонын шөлкемлестирди.

Таӊ сәҳәрде Нөкис қаласынан жолға шыққан илаж қатнасыўшылары пайтахтымыздан 30 километр қашықлықтағы Хожели районы аймағында жайласқан Миздақхан комплексиндеги ХIII әсирлерде қурылған Назлымхан сулыў тарийхый естелигине пияда жүрип барды ҳәм ол жердеги тарийхый естеликлер менен жақыннан танысты.

-Пияда жүриў ҳәр қандай кеселликтиң алдын алыўда нәтийже береди,-дейди ХХХII Жазғы Олимпиада ойынларыныӊ қатнасыўшысы, Азия ҳәм жәҳән чемпионатлары жеӊимпазы усы оқыў орныныӊ психология (спорт) бағдары 2-курс студенти З.Дайыбекова. – Саламат турмыс тәризин көпшилик тек дурыс аўқатланыў, гигиеналық  талапларға әмел етиўде деп түсинеди. Таза ҳаўада жүриў ҳәм азанғы дене шынығыў ислеў де инсан организминиң бир тегис ислеўи ҳәм иммунитет пайда болыўына хызмет етеди. Саламатлығыӊыз ушын азанда 10-15 минут спорт пенен шуғылланыўды усыныс етемен…

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы