Арқа-батыс әскерий округинде Жасларды әскерий Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жәмийетлик-сиясий билимлерин және де беккемлеў ҳәм саламат турмыс тәризин ен жайдырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң кубоги ушын оқыўшы жаслар арасында «Ўатан сүйиўшилер» əскерий-спорт жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Оған жарыстыӊ қалалық ҳәм районлық басқышларында жеӊимпаз болған командалар қатнасты.

Оғада қызықлы болып өткен жарыс соӊында Нөкис районлық ХББ ға қараслы 31-санлы мектептиӊ «Ақмаӊғыт» командасы биринши, Қараөзек районындағы 23-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң “Темурийлер” командасы екинши орынды, Тахтакөпир районындағы 2-санлы мектеп оқыўшылары үшинши орынларды ийелеп, Арқа-батыс әскерий округи сәркардасы, полковник Ф.Шерматов тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

-Бул жарысқа пуқта таярлықлар көрдик,-дейди бизге Нөкис районындағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ директоры Бекполат Тилепбаев.- Енди оқыўшыларымыз жарыстыӊ келеси басқышына да жақсы таярлықлар көрип,  Өзбекстан Республикалық басқышында да жеӊимпазлықты қолға киргизиўге ҳәрекет етемиз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы