Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығы байрамы қала ҳәм районларымызда, мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында кең түрде белгиленди.

Тийкарғы Нызамымыз еркин ҳәм абадан жасаўымыздың беккем тырнағы болып табылады. Қарақалпақстан халқының турмыс дәрежесин буннан былай да жақсылаў менен бир қатарда елимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳәзирги ўақытта Президентимиздиң басшылығында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Алып барылып атырған бул реформаларды жәмийетимиздиң барлық қатламлары, соның ишинде, биз жаслар ушын да жаратып берилип атырған үлкен имканиятлар негизинде айқын көриўимизге болады.

Президентимиздиң басламасы менен 30-июль елимизде Жаслар күни деп белгиленип, усы мүнәсибет пенен ҳәр жылы өткерилип киятырған жаслар фестивалында республикамыздың шетки аймақларында жасаўшы талантлылар да сыйлықланып келмекте. Сондай-ақ, жасларымыз «Жас китапқумар», «Зәкаўат» интеллектуаллық беллесиўлеринде, халықаралық илимий конференцияларда, спорт жарысларында мүнәсип қатнасып келмекте.

Мен де усындай имканиятлардан пайдаланған ҳалда, Ферғана ўәлаятынан келип, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң юридика факультетиниң юристпруденция тәлим бағдарының 3-курсында билим алып атырман. Оқыўым даўамында бир қатар жетискенликлерге еристим.

Атап айтқанда, тарийх пәни бойынша Россия Федерациясында өткерилген дүнья жүзилик онлайн олимпиадасында, Қазақстан Республикасының пайтахты Нурсултан қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы көлеминде өткерилген ең жақсы жас илимпаз халықаралық илимий таңлаўда Жас өспиримлер арасында жынаятшылықтың алдын алыў бойынша таярлаған илимий жумысым менен қатнасып, жеңимпаз деп табылдым ҳәм биринши дәрежели диплом және алтын медаль менен сыйлықландым.  Буннан тысқары, мәмлекетимизде биринши мәрте Ферғана ўәлаятында өткерилген ең жақсы илимий мақала ҳәм илимий изертлеўши халықаралық таңлаўында сыйлы биринши орынды ийелеп, алтын медальға сазаўар болдым. Ҳәзирги ўақытта Президентимиздиң көрсетпесине муўапық шөлкемлестирилген Өзбекстан студентлер ассоциациясының Қарақалпақ мәмлекетлик университети бойынша ўәкили сыпатында жумыс алып барып атырман. Бул биз жаслардың турмысында Конституцияның тутқан орны айрықша екенлигин көрсетеди.

Бундай имканиятлардан буннан да кеңирек пайдаланған ҳалда, мәмлекетимиздиң ҳәр тәреплеме гүллеп-раўажланыўы ушын үлес қосыў ҳәр биримиздиң  әдиўли миннетимиз деп билемен.

Шаҳзодбек МИРЗАКАРИМОВ,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик

 университетиниң студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги