«Жасыл  мәкан»  улыўма миллий жойбары шеӊберинде республикамыздыӊ барлық аймақларында болғаны сыяқлы Нөкис районында да бир қатар унамлы жумыслар исленбекте.

Атап айтқанда, «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жәмәәти де улыўма миллий жойбар шеӊбериндеги «Мәҳәллеме нәл егемен»  абаданластырыў  ҳәм  көклемзарластырыў акциясына белсене қатнасып келмекте.

-Ерте бәҳәрден Президентимиздиӊ елимизди көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў бойынша басламасын қоллап-қуўатлаў мақсетинде, жәмәәтимиз ағзалары менен биргеликте мектеп әтирапын абаданластырыў, жап-салма бойларына ҳәр қыйлы саяманлы терек нәллерин егиў бойынша бир қанша унамлы жумысларды әмелге асырдық,-дейди мектеп директоры Оралбай Шерназаров.-Сондай-ақ, әйне күнлери мектеп әтирапында бос жатырған жерлерди арнаўлы техникалар жәрдеминде ашып, ол жерге мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егип «Муғалим ҳәм устазлар бағы»н жаратып атырмыз.

Шынында да ҳәзирги күнлери мектепте акция шеӊберинде бәҳәрги көклемзарластырыў жумыслары шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы