Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде нураний спортшылар менен ушырасыў болып өтти.

Илажда белгили спортшылардан спорт шебери Асаматдин Кабулов, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен тренер, ьурынғы аўқам спорт шебери Мурат Каукишев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күни спорт пенен шуғылланаман деген жаслар ушын барлық шараят жаратылған. Соның нәтийжесинде жасларымыз халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелерди қолға киргизип келмекте. Өткен Олимпиада ойынларында республикамыздан бес спортшының жоллама алыўы буның айқын мысалы болып табылады. Спортшыларымыз сыйлы орынларды ийелей алмаса да,  мүнәсип қатнасқанлығы қәнигелер тәрепинен айрықша атап өтилди.

Нуранийлардың атап өткениндей, бурынлары бундай имканиятлар жоқ еди. Ҳәзирги жаратылған шараятларды көрип, ҳәўесиң келеди. Бул имканиятлардан дурыс пайдаланып, көбирек спорт пенен шуғылланыўға шақырды. Жасларға өзлериниң баҳалы мәсләҳәтлерин берди.

Қарақалпақстан Республикасы Спортты раўажландырыў министри Р.Казаков, «Veteran sportshi» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң баслығы С.Жүсипбеков шығып сөйлеп, өткерилип атырған ушырасыўдың әҳмийетине тоқтап өтти ҳәм баҳалы мәсләҳәтлери ушын ветеран спортшыларға миннетдаршылық билдирди.

Илаж соңында бир топар ветеранларға «Өзбекстан спорт ветераны» көкирек белгиси салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы