Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 12-июльдеги «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы ҳаққында»ғы қарары тийкарында инспекцияға  аўыл хожалығы егинлери сортларының генетикалық тазалығы ҳәм туқымлық сапасы бойынша тараўда мәмлекетлик сиясаттың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды қадағалаў ўазыйпасы жүкленген.

-Быйылғы жылдың өними ушын 86291 гектар майданға шигит егиў режелестирилип, усы егислик жерлерге 4850 тонна шигит таярланды ҳәм туқым тарқатыў шақапшаларына жеткерип берилди,-дейди инспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Аўыл хожалығы егинлериниң туқымын жетистириўди ҳәм тәмийнатын қадағалаў бөлиминиң бас инспекторы Ислам Бегжанов.-Бүгинги күни пахта-тоқымашылық кластерлерине  101 туқым тарқатыў шақапшасы ҳәм олардағы 1332 шигит жибитиў ураларында толығы менен оңлаў жумыслары алып барылды. Олар зәрүр болған ағаш гүрек, шелек, арнаўлы кийим-кеншек ҳәм қолланбалар менен тәмийинленди.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 12-октябрьдеги «Аўыл хожалығы егинлериниң туқымгершилигине байланыслы айырым нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының 1-қосымшасы менен тастыйықланған «Оригинал, элита ҳәм кейинги әўладларға тән туқымлық пахта шийки заты ҳәм масақлы дән егинлерин жетистириў ҳуқықына ийе болыў ушын фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханалары арасында таңлаў өткериў тәртиби ҳаққында»ғы Режеге муўапық ҳәр бир районда туқым жетистириўге қәнигелестирилген аймақларда таңлаў өткериў жумыслары алып барылды.

Республикамыздың районларында быйылғы жылдың өниминен туқымлық пахта жетистириў мақсетинде 13 мың 152 гектар туқымлық пахта майданы ушын 345 фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханасы тәрепинен ҳүжжет тапсырылды. Соннан таңлаў жуўмақлары бойынша 9 мың 600 гектар туқымлық пахта жетистириў ушын 244 фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханасы жеңимпаз болған болса, 3 мың 552 гектардағы 101 фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханасы ылайық емес деп табылды.

Быйылғы жылдың өними ушын шигит егиў жумыслары  ҳәм алдағы агротехникалық илажлардың дурыс әмелге асырылыўы инспекцияның тийисли инспекторлары тәрепинен айрықша қадағаланып барылмақта.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги