Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 4-марттағы «2022-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасы аймақларын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин және де жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына бола, Қарақалпақстан Республикасы аймағында санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўы келеси бес жылда перспективалы реже тийкарында раўажландырылады.

Қарарда сондай-ақ, ҳәр бир район ҳәм қаланың «өсиў ноқатлары»н белгилеў, социаллық тараўды раўажландырыў арқалы халықтың саламатлығы ҳәм турмыс дәрежесин буннан былай да жақсылаў нәзерде тутылған.

Соған бола, Қарақалпақстан Республикасының район ҳәм қалаларының кесиминде әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылады.

Нәтийжеде, 2022-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасында жалпы аймақлық өнимниң көлеми 1,5 есеге, санаат өнимлери 1,5 есеге, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў 1,2 есеге, хызметлердиң көлеми 2,9 есеге, қурылыс жумысларының көлеми болса 1,4 есеге артады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги