Қазақстанда коронавирус тарқалыўына байланыслы эпидемиологиялық жағдай турақласқаны себепли мәмлекет шегарасын кесип өтиўине байланыслы шеклеўлер алып тасланады. Бул ҳаққында мәмлекет ҳүкимети сайтында хабар берилди.

Атап өтилиўинше, 11-апрельден баслап Қазақстанның Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Россия менен қурғақлықтағы шегара өткериў пунктлеринде пуқаралардың шегараны кесип өтиўине киргизилген шеклеўлер бийкар етиледи.

Буннан тысқары, авиақатнаўлар арқалы кириўге қойылған барлық шеклеўлер де алып тасланады.

Шегарадан өтиўде ПШР-тест унамсыз шыққаны ямаса коронавирусқа қарсы толық шаншылғанлық ҳаққындағы сертификатты көрсетиў талабы сақлап қалынады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги